‏ Psalms 136

1Бабилондағы дәрьялардың бойында отырып,
Сионды еслеп, жыладық.
2Дөгеректеги талларға,
Лираларымызды илдирип қойдық.
3Ол жерде тутқынға алғанлар бизлерден жыр айтыўымызды,
Бизлерге зулымлық қылғанлар шадлық қосығын талап етип:
«Сион қосықларынан айтыңлар», – деди.

4Бөтен журтта жүргенимизде,
Қалай Жаратқан Ийениң қосығын айта аламыз?
5Ҳәй, Ерусалим, егер сени умытсам,
Қолым саз шерте алмай қалсын.
6Егер мен сени еслемесем,
Ерусалимди ең үлкен шадлығымнан үстем қоймасам,
Тилим қосық айта алмай қалсын.

7Ерусалим қулаған күни,
Эдомлылардың не ислегенин есле, Жаратқан Ийе.
Олар: «Қулатың, тийкарына дейин жығып таслаң оны!» – деген еди.

8Ҳәй, қыз Бабилон, сен ўайран етилесең,
Бизлерге не қылған болсаң,
Соны сениң басыңа салатуғынлар қандай бахытлы!
9Бөпелериңди услап алып,
Тасқа урып, шыл-пәрше қылатуғынлар қандай бахытлы!
Copyright information for KaaIBT22C