‏ Psalms 137

1Даўыттың жыры
Шын жүректен Саған миннетдаршылық билдиремен, Жаратқан Ийе,
Иләҳий барлықлар алдында Саған саз шертип, алғыслар айтаман.
2Мухаддес Ибадатханаң алдында тәжим қыламан,
Сүйиспеншилигиң ҳәм садықлығың ушын,
Сениң атыңа миннетдаршылық билдиремен.
Өз атыңды ҳәм сөзиңди ҳәмме нәрседен жоқары қойдың.
3Шақырғанымда, маған жуўап бердиң,
Мени жигерлендирип, жүрегимди батыр қылдың.

4Алғысласын Сени, Жаратқан Ийе, жер жүзиндеги патшалардың ҳәммеси,
Олар аўзыңнан шыққан сөзлерди еситти,
5Ислеген ислериңди қосық қылып айтсын,
Сен уллы даңққа бөленгенсең.

6Жаратқан Ийе, Сен жоқарыда болсаң да,
Кишипейил адамларға нәзер аўдарасаң,
Менменлерди узақтан билесең.

7Қыйын жағдайда жүрсем де, жанымды аман сақлайсаң,
Душпанларымның ғәзебине қарсы қол көтересең,
Оң қолың мени қутқарады.
8Мен ушын өш аласаң.
Сүйиспеншилигиң мәңгидур, Жаратқан Ийе,
Өзиң жаратқанларды таслап кетпе!
Copyright information for KaaIBT22C