Psalms 138
1Атқарыўшылардың жетекшисине. Даўыттың жырыО, Жаратқан Ийе, мени тексердиң ҳәм мени билесең,
2Қашан отырып, қашан туратуғынымды билесең,
Нийетимди узақтан түсинип турасаң.
3Жүрсем де, жатсам да, мени тексересең,
Хабарың бар барлық жолларымнан.
4Аўзымнан еле бир сөз де шықпай турып,
Не айтажағымды Сен толық билесең, Жаратқан Ийе.
5Мени алды-артымнан орап алғансаң,
Қолыңды үстиме қойғансаң.
6Усы даналығың мен ушын жүдә әжайыпдур,
Дым бәлент, оны түсинип жете алмайман.
7Сениң Руўхыңнан қаяққа қаша аламан?
Сениң дәргайыңнан қаяққа кете аламан?
8Көклерге шықсам, Сен сол жерде барсаң,
Өлилер мәканына түссем, Сен ол жерде де барсаң.
9Таңның қанатларына минип ушсам,
Теңиздиң арғы жағасына қонсам,
10Ол жерде де қолың мени жетелер,
Оң қолың мени услап турар.
11Егер: «Қараңғылық мени қапласын,
Әтирапымдағы жақтылық түнге айлансын», – десем,
12Қараңғылық Сен ушын қараңғы емес,
Түн күндиздей жақты,
Қараңғылық та, жақты да, Сен ушын бирдей.
13Сен мениң жан-тәнимди жараттың,
Анамның қурсағында мени дөреттиң.
14Саған алғыс айтаман,
Мен таң қаларлық ҳәм әжайып етип жаратылғанман.
Сениң ислериң әжайып,
Буны жүдә жақсы билемен.
15Жасырын жерде жаратылғанымда,
Жердиң түбинде дөретилгенимде,
Сүйеклерим Сеннен жасырын емес еди.
16Қурсаққа түскен ўақтымнан-ақ мени Сениң көзлериң көрди,
Маған ажыратылған күнлердиң еле ҳеш бири келместен бурын,
Ҳәммеси Сениң китабыңа жазылған еди.
17Мен ҳаққында нийетлериң қаншелли сырлы, Қудай,
Олардың есап-саны жүдә көп!
18Егер санасам, олар қумнан да көп,
Оянғанымда, мен еле Сениң менен биргемен.
19Қәне енди, жаўызларды өлтирсең, Қудай!
Қанхорлар, меннен узақласың!
20Олар Сен арқалы ант ишип, сум жоба дүзеди,
Душпанларың Сениң атың менен жалған ант ишеди.
21Жаратқан Ийе, Сени жек көргенлерди қалай жаман көрмейин?
Саған қарсы шыққанлардан қалай жеркенбейин?
22Мен оларды пүткиллей жек көремен,
Оларды өзимниң душпаным деп есаплайман.
23Қудай, мени тексерип, жүрегимди бил,
Мени сынап көр ҳәм пикирлеримди бил.
24Қара, қәўипли жолда жүрген жоқпан ба?
Мени Өзиң мәңгилик жолына жетеле!
Copyright information for
KaaIBT22C