Psalms 139
1Атқарыўшылардың жетекшисине. Даўыттың жыры2Жаратқан Ийе, мени жаўызлардан қутқар,
Залымлардан қорға.
3Олар жүреклеринде жаўыз жоба дүзеди,
Бәрқулла урыс-жәнжел қозғайды.
4Тиллерин жыланның тилиндей өткир қылар,
Аўызларында жылан зәҳәри бар. Селаҳ
5Жаратқан Ийе, мени жаманның қолынан сақла,
Залымнан қорға.
Олар аяғымнан шалып, мени қулатпақшы.
6Менменлер мен ушын дузақ қурды,
Жаўызлар жолыма тор таслады,
Олар маған қақпан қойды. Селаҳ
7Жаратқан Ийе, Саған былай деп айтаман:
«Қудайым – Сенсең,
Жалбарыныўыма қулақ сал, Жаратқан Ийе.
8Қудай Ийе, қүдиретли қутқарыўшым,
Саўаш күни Сен басымды аман сақладың.
9Жаўызлардың тилеклерин орынлама, Жаратқан Ийе,
Дүзген жобаларын табыслы қылма,
Болмаса, олар көкиреклерин көтерип кетеди». Селаҳ
10Мени қоршап алғанлардың аўызларынан шыққан зулымлықлар,
Өзлериниң басына түссин.
11Көмир шоғы жаўсын үстилерине!
Олар отқа, түпсиз шуқырларға ылақтырылсын,
Ҳасла қайтып шықпасын.
12Жалахорларға жер жүзинде ҳасла орын қалмасын,
Апат залымның изине түсип, жоқ қылсын.
13Билемен, Жаратқан Ийе, Сен езилгенниң ҳуқықын қорғайсаң,
Жарлыларға әдалатлық қыласаң.
14Аўа, пәк адамлар атыңа алғыс айтады,
Ҳақлар Сениң дәргайыңда жасайды.
Copyright information for
KaaIBT22C