Psalms 140
1Даўыттың жырыСени шақыраман, Жаратқан Ийе, жәрдемге асық!
Сени шақырғанымда, даўысыма қулақ сал!
2Дуўам хош ийисли түтеткидей алдыңа жетип барсын,
Көтерген қолларым кешки садақа сыяқлы болсын!
3Аўзыма қараўыл қой, Жаратқан Ийе,
Еринлеримниң есигин қорға.
4Жүрегим жаманлыққа аўып кетпесин,
Жаўыз адамлардың гүналы ислерине қатнаспайын,
Олардың мазалы аўқатларынан жемейин.
5Пәк адам мени жазаласын – бул жақсылық,
Әшкараласын – бул басыма сүртилген май.
Дуўам жаўызлардың ислерине пүткиллей қарсыдур.
6Олардың басшылары жартастан ылақтырылады,
Сонда наҳақлар сөзлеримниң дурыс екенин билип алады.
7Сүриўши жерди жарып, сүргениндей,
Сүйеклеримиз өлилер мәканының аўзында шашылды.
8Көзлерим Сенде, Қудай Ийе,
Сени паналайман, жанымды қорғаўсыз қалдырма!
9Жаўызлардың мен ушын қурған дузақларынан,
Олар қойған қақпанлардан мени сақла.
10Жаўызлар өзлери қойған дузаққа өзлери түссин,
Ал мен аман-есен өтип кетейин.
Copyright information for
KaaIBT22C