Psalms 141
1Үңгирде болған ўақытта, ▼ Даўыттың айтқан нәсият жыры. ДуўаДаўыслап дад саламан Жаратқан Ийеге,
Даўыслап жалбарынаман Жаратқан Ийеге.
2Оған дәртлеримди төгемен,
Оның алдында қайғыларымды баян етемен.
3Руўхым түскенде,
Жүрер жолымды Сен билесең.
Мен жүретуғын соқпақларда,
Жаўларым дузақ қойған.
4Оң жағыма қарап көр,
Ҳеш ким мени ойламайды,
Паналайтуғын жерим қалмады,
Ҳеш ким мени қайғырмайды.
5Саған жалбарынаман, Жаратқан Ийе,
«Сен мениң панамсаң,
Тирилер әлеминде үлесим Өзиңсең», – деп жалбарынаман.
6Дадыма қулақ сал,
Мен жүдә ҳәлсиредим.
Изиме түскенлерден қутқар мени,
Олар меннен күшлирек.
7Шығарып ал жанымды қамақтан,
Солай етип, атыңа алғыс айтайын.
Әтирапымды ҳақ адамлар қоршайды,
Себеби Сен маған жақсылық қыласаң.
Copyright information for
KaaIBT22C