Psalms 142
1Даўыттың жырыЖаратқан Ийе, дуўамды есит,
Жалбарыныўыма қулақ сал!
Сен садық ҳәм әдалатлысаң, жуўап бер маған!
2Өз қулың менен даўласпа,
Тирилердиң ҳеш бири Сениң алдыңда минсиз болмас.
3Душпанларым мени қуўғын қылды,
Өмиримди жер менен жексен қылды.
Әзелде әлемнен өткенлер сыяқлы,
Мени қараңғылықта жасаўға мәжбүрледи.
4Соның ушын, руўхым түсти,
Жүрегим суўлап кетти.
5Өткен күнлерди еслеймен,
Сениң барлық ислериң ҳаққында ой жуўыртаман,
Қолларыңның ислери ҳаққында пикир жүритемен.
6Қолларымды Саған созаман,
Кеўип қалған топырақ яңлы, жаным Саған шөллейди. Селаҳ
7Тез жуўап бер маған, Жаратқан Ийе,
Руўхым түсип кетти.
Қәбирге кирген өлилердей болып қалмаўым ушын,
Меннен жүзиңди жасырма.
8Азанда сүйиспеншилигиңди маған еситтир,
Өйткени мен Саған исенемен,
Жүретуғын жолымды Өзиң көрсет,
Жүрегимди ашаман Саған.
9Душпанларымнан қутқар мени, Жаратқан Ийе,
Сеннен пана табаман.
10Еркиңди орынлаўды маған үйрет,
Сен мениң Қудайымсаң,
Сениң ийгиликли Руўхың,
Тегис жолдан мени жетелесин!
11Жаратқан Ийе, Өз атың ушын жанымды сақла,
Сен әдалатлысаң, мени апаттан қутқар.
12Сүйиспеншилигиң ҳақы душпанларымды жоқ қыл,
Жанымда қасты барлардың ҳәммесин қырып тасла,
Мен Сениң қулыңман.
Copyright information for
KaaIBT22C