‏ Psalms 143

1Даўыттың жыры
Қолларымды урысқа,
Бармақларымды саўашқа үйреткен,
Қорғаўшы жартасым болған Жаратқан Ийеге алғыслар болсын!
2Ол мени сүйеди, Ол мениң қорғаным,
Бекинисим ҳәм қутқарыўшым,
Ол мениң қалқаным ҳәм панам,
Халықларды Ол маған бойсындырады.

3Жаратқан Ийе, Сен ғамхорлық қылғандай, инсан ким болыпты?
Сен нәзериңди салғандай, адам баласы ким болыпты?
4Инсан бир дем сыяқлы,
Адамзаттың өмири өткинши бир көлеңке яңлы.

5Жаратқан Ийе, көклерди ашып, төменге түс,
Таўларға қол тийгиз, олардан түтин шықсын.
6Шақмақ шақтырып, жаўларды шашып тасла,
Оқларыңды атып, оларды албырат.
7Жоқарыдан қолыңды созып, қутқар мени,
Терең суўлардан шығарып ал мени,
Жат журтлылардың қолынан азат ет.
8Олардың аўзы жалғанға толы,
Оң қолларын көтерип, өтирик ант ишеди.

9Қудай, Саған жаңа қосық айтаман,
Он тарлы арфа шертип, Сени алғыслайман.
10Патшаларға Сен жеңис сыйлайсаң,
Қулың Даўытты қылыштан қутқарасаң.
11Жат жерлилердиң қолынан,
Мени қутқарып, азат қыл.
Олардың аўзы жалғанға толы,
Оң қолларын көтерип, өтирик ант ишеди.

12Улларымыз жаслығында жақсы өскен өсимликке уқсасын,
Қызларымыз сарайдың нағыслы сүтинлери сыяқлы болсын.
13Телеклеримиз түрли азық-аўқатларға толып тассын.
Қойларымыз мыңлап, он мыңлап көбейип,
Жайлаўларымызды толтырсын,
14Өгизлеримиз семиз болсын.
Қорғанларымыз ҳеш қашан тесилмесин,
Адамларымыз сүргин қылынбасын,
Көшелеримизде зар жылаған даўыс шықпасын!

15Усындай тилеклери әмелге асқан халық қандай бахытлы!
Қудайы Жаратқан Ийе болған халық қандай бахытлы!
Copyright information for KaaIBT22C