‏ Psalms 144

1Даўыттың айтқан алғыс-мақтаўы
Қудайым, Патша, Сени уллылайман,
Атыңды мәңги-бақый алғыслайман.
2Сени ҳәр күни алғыслайман,
Атыңды мәңги-бақый даңққа бөлеймен.

3Жаратқан Ийе уллы, Ол мақтаўға жүдә ылайықлы,
Оның уллылығына ақыл жетпес.

4Ислериңди бир әўлад екинши әўладқа мақтап жеткизеди,
Қүдиретли ислериңди айтып береди.
5Сениң салтанатлы уллылығың,
Әжайып ислериң ҳаққында ой жуўыртаман.
6Адамлар таң қаларлық ислериңниң қүдирети ҳаққында айтады,
Мен жәриялайман уллы ислериңди!
7Адамлар уллы ийгилигиң ҳаққында баян етеди,
Әдалатлығыңды жәриялап, шадланып бақырады.

8Жаратқан Ийе мийримли ҳәм реҳимли,
Сабыр-тақатлы ҳәм сүйиспеншилиги мол.
9Жаратқан Ийе ҳәммеге ийгиликли,
Жаратқанларының ҳәммесине реҳимли.

10Барлық жаратқанларың Сени алғыслайды, Жаратқан Ийе,
Садық қулларың Саған алғыс-мақтаўлар айтады.
11Олар патшалығыңның уллылығы ҳаққында сөйлеп,
Күш-қүдиретиң туўрысында айтып береди.
12Солай етип, ҳәмме Сениң күш-қүдиретиңди,
Патшалығыңның уллы даңқын биледи.
13Сениң патшалығың – мәңги патшалық болар,
Ҳүкимдарлығың әўладтан-әўладқа даўам етер.
Базы қолжазбаларда мына сөзлер де бар: «Жаратқан Ийе берген ўәдесинде турар, Барлық ислеринде садықлық көрсетер».

14Жаратқан Ийе жығылғанларға сүйениш болады,
Еки бүгилгенлердиң қәддин туўрылайды.

15Ҳәмме үмит етип, Саған қарайды,
Өз ўақтында олардың ырысқысын бересең.
16Сен қолыңды ашып,
Пүткил жанзатларды қәлегенинше тойдырасаң.
17Жаратқан Ийе барлық жолларында әдил,
Ислеген барлық ислеринде сүйиспеншилигин көрсетеди.
18Жаратқан Ийе Өзин шақырғанларға,
Шын кеўилден шақырғанларға жақын болады.
19Өзинен қорққанлардың тилегин береди,
Наласын еситип, оларды қутқарады.
20Жаратқан Ийе Өзин сүйгенлердиң ҳәр бирин қорғайды,
Жаўызлардың ҳәммесин жоқ етеди.

21Аўзым Жаратқан Ийеге алғыслар айтсын!
Пүткил жанзатлар Оның мухаддес атына,
Мәңги-бақый алғыс-мақтаўлар айтсын.
Copyright information for KaaIBT22C