‏ Psalms 145

1Ҳалилуйя!

Ҳәй, жаным, Жаратқан Ийеге алғыс-мақтаўлар айт.
2Тири екенмен, Жаратқан Ийеге алғыс-мақтаўлар айтаман,
Бар екенмен, Қудайыма саз шертип, Оған алғыс айтаман.

3Үмит байламаң ақсүйеклерге,
Сизлерди қутқара алмайтуғын инсанларға.
4Олардың деми таўысылып, топыраққа қайтар,
Сол күни-ақ, ой-нийети жоқ болар.

5Қандай бахытлы жәрдемшиси Яқыптың Қудайы болған инсанлар,
Үмити Қудайы Жаратқан Ийеде болғанлар!
6Аспанды, жерди, теңизди,
Ҳәм олардағы пүткил барлықты жаратқан,
Мәңгиге садық болған,
7Езилгенлерге әдалатлық қылатуғын,
Аш болғанларға нан беретуғын Ол болады.

Жаратқан Ийе тутқынларды азат қылады,
8Соқырлардың көзин ашады,
Еки бүгилгенлердиң қәддин тиклейди,
Ҳақ адамларды сүйеди.
9Жаратқан Ийе келгиндилерди қорғайды,
Жетим-жесирлерди қоллап қуўатлайды,
Жаўызларды жолларынан адастырады.

10Ҳүкимдарлық қылады Жаратқан Ийе мәңгиге,
Сион, сениң Қудайың ҳүкимдар болады әўладтан-әўладқа.

Ҳалилуйя!
Copyright information for KaaIBT22C