Psalms 146
1Ҳалилуйя!Қандай жақсы саз шертип, Қудайымызды алғыслаў!
Қандай ләззетли ҳәм жарасықлы Оған алғыс-мақтаў айтыў.
2Ерусалимди қайтадан тиклейтуғын Жаратқан Ийе болады.
Израилдың айдап әкетилгенлерин жыйнап алады.
3Ол жаралы жүреклерге шыпа береди,
Олардың жараларын таңады.
4Ол жулдызлардың санын есаплайды,
Олардың ҳәммесине ат қояды.
5Ийемиз уллы ҳәм қүдирети күшли,
Шексиздур Оның даналығы.
6Езилгенлерди аяққа турғызатуғын Жаратқан Ийе болады,
Жаўызларды жер менен жексен қылады.
7Жаратқан Ийеге шүкирлик жырларын айтың,
Қудайымызды лира шертип алғыслаң.
8Ол көклерди бултлар менен қаплайды,
Жер жүзин жаўын менен тәмийинлейди,
Таўларда от-шөп өсиреди.
9Ол азық береди ҳайўанларға,
Ғарқылдаған ғарғаның палапанларына.
10Ол аттың күшине заўықланбайды,
Жаўынгердиң күшли аяқларынан ләззетленбейди.
11Жаратқан Ийе Өзинен қорққанларға,
Сүйиспеншилигине үмит байлағанларға ырза болады.
Copyright information for
KaaIBT22C