Psalms 147
1Жаратқан Ийени даңққа бөле, ҳәй, Ерусалим!Қудайыңа алғыслар айт, ҳәй, Сион!
2Дәрўазаларыңның тәмбилерин Ол беккемлейди,
Ишиндеги балаларыңды жарылқайды.
3Елиңе тынышлық береди,
Сени ең жақсы бийдай менен тойдырады.
4Жер жүзине Өз буйрығын жибереди,
Оның айтқан сөзи тез жайылады.
5Мамықтай етип қар жаўдырады,
Қыраўды күл киби шашады.
6Буршақты усақтай етип жаўдырады,
Оның қақаман аязына ким шыдай алады?
7Өзи буйрық берип, музларды еритеди,
Самалды естирип, суўларды ағызады.
8Буйрықларын Яқыптың урпағына,
Қағыйда ҳәм нызамларын Израилға билдирди.
9Бундай қылмады басқа халықларға,
Олар Оның нызамларын билмейди.
Ҳалилуйя!
Copyright information for
KaaIBT22C