‏ Psalms 148

1Ҳалилуйя!

Көклерден Жаратқан Ийеге алғыслар айтың,
Бийик аспанда Оған алғыслар айтың!
2Оның барлық периштелери, Оған алғыслар айтың,
Алғыслар айтың Оған, ҳәй, пүткил аспан ләшкерлери!
3Қуяш, ай, Оған алғыслар айтың,
Алғыслар айтың Оған, ҳәй, жарқыраған барлық жулдызлар!
4Аспанлар аспаны,
Көклер үстиндеги суўлар,
Оған алғыслар айтың!

5Булар Жаратқан Ийениң атына алғыслар айтсын,
Ол буйрық бергенде, олар пайда болды,
6Оларды мәңги-бақый беккем орнатты,
Бул қағыйда ҳеш қашан бийкар қылынбайды.

7Жер жүзинен Жаратқан Ийеге алғыслар айтың:
Ҳәй, теңиздеги нәҳән жанзатлар, барлық түпсиз теңизлер,
8Шақмақ, буршақ, қар ҳәм бултлар,
Оның буйрығына бойсынатуғын даўыллар,
9Таўлар, барлық төбешиклер,
Мийўе ағашлары ҳәм кедр ағашлары,
10Жабайы ҳайўанлар ҳәм үй ҳайўанлары,
Жер баўырлаўшылар менен қуслар,
11Жер жүзиниң патшалары, барлық халықлар,
Ақсүйеклер, жер жүзиндеги барлық ҳүкимдарлар,
12Жигитлер ҳәм қызлар,
Ғаррылар ҳәм жаслар!

13Ҳәммеси Жаратқан Ийениң атына алғыслар айтсын,
Жалғыз Оның аты уллы.
Оның уллылығы жер ҳәм көктен бәлент.
14Жаратқан Ийе Өз халқын күшли қылды,
Барлық садық қулларының,
Өзине жақын болған халықтың,
Израил халқының даңқын шығарды.

Ҳалилуйя!
Copyright information for KaaIBT22C