Psalms 149
1Ҳалилуйя!Жаратқан Ийеге жаңа қосық айтың,
Садық қулларының жыйынында Оны алғыслаң!
2Израил өз Жаратыўшысы себепли қуўансын,
Сион халқы өз Патшасына шадлансын!
3Ойынға түсип, алғыслар айтсын Оның атына,
Дәп ҳәм лира шертип, Оған алғыс-мақтаў қосығын айтсын!
4Жаратқан Ийе халқына кеўли толады,
Кишипейиллилерге жеңис берип, оларды даңққа бөлейди.
5Усы ерискен ҳүрметине йошлансын садық қуллары,
Төсеклеринде шадланып бақырсын!
6Аўызларында Қудайға алғыс-мақтаўлар болсын,
Қолларында еки жүзли қылыш пенен,
7Жат халықлардан өш алсын,
Халықларға жаза берсин.
8Олардың патшаларын шынжырлап,
Абырайлы адамларына темир кисенлер салсын!
9Олардың үстинен шығарылған ҳүкимди орынласын!
Барлық садық қуллары ушын бул ҳүрмет болар.
Ҳалилуйя!
Copyright information for
KaaIBT22C