‏ Psalms 150

1Ҳалилуйя!

Мухаддес мәканында Қудайға алғыслар айтың!
Қүдирети ушын көклерде Оған алғыслар айтың!
2Алғыслар айтың Оған қүдиретли ислери ушын!
Алғыслар айтың Оған теңсиз уллылығына жараса!

3Кәрнай шертип, Оған алғыслар айтың!
Арфа ҳәм лира шертип, Оған алғыслар айтың!
4Дәп қағып, ойынға түсип, Оған алғыслар айтың!
Тарлы саз әсбап ҳәм сыбызғы шертип, Оған алғыслар айтың!
5Кимбаллар қағып, Оған алғыслар айтың!
Бәлент даўыслы кимбаллар менен Оған алғыслар айтың!
6Мурнында деми бар барлық тири жанлар,
Жаратқан Ийеге алғыслар айтың!

Ҳалилуйя!
Copyright information for KaaIBT22C