‏ Psalms 16

1Даўыттың дуўасы
Жаратқан Ийе, әдиллик ушын дуўа етемен, есит мени,
Пәриядымды тыңла,
Ҳийлесиз аўзымнан шыққан дуўама қулақ сал!
2Өзиң ҳүким етип, ҳақлығымды көрсет,
Көзлериң әдилликти көрсин.

3Жүрегимди изертлеп, түнде сынадың,
Мени толық тексерсең де, ҳеш нәрсе таппадың.
Аўзым гүна қылмасын, деп қарар қылдым.
4Басқа адамлардың қылмысларын қылмадым,
Сениң аўзыңнан шыққан сөзге әмел қылып,
Зорлық қылыў жолынан аўлақ жүрдим.
5Қәдемлерим менен Сениң жолыңды туттым,
Ҳеш қашан тайып кетпеди аяқларым.

6Саған жалбарынаман, Қудай,
Себеби маған жуўап бересең.
Қулақ сал, тыңла сөзлеримди!
7Көрсет Өз сүйиспеншилигиңди,
Душпанларынан пана излеп,
Саған келгенлерди оң қолың менен азат ет!
8Көзиңниң қарашығындай етип қорға мени,
Қанатларыңның саясына жасыр,
9Жаўызлардың ҳүжиминен,
Сақла мени жаныма қас болып, қоршап алғанлардан.

10Олардың жүреклерин май басқан,
Менмен сөзлер шығар аўзынан.
11Олар изиме түскен, қоршап алған,
Жерге урыў ушын маған көзлерин тиккен.
12Олар мени тилкимлемекши болған арыслан киби,
Буққыда жатырған жыртқыш арыслан сыяқлы.

13Кел, Жаратқан Ийе, оларға қарсы тур,
Оларды дизерлетип, тәжим қылдыр,
Қылышың менен напәклерден мени қутқар.
14Өз қолың менен аман сақла, Жаратқан Ийе,
Несийбеси бул дүньядан болған адамлардан.
Қарынлары Сен таярлап қойған жазаға тойсын,
Балалары да жеп тойсын,
Аўысып қалғаны олардың балаларына да қалсын!

15Ал мен, ҳақлықта Сениң жүзиңди көрейин,
Оянып, дийдарыңа тояйын.
Copyright information for KaaIBT22C