‏ Psalms 17

(2Пат 22)

1Атқарыўшылардың жетекшисине. Жаратқан Ийениң қулы Даўыттың жыры. Жаратқан Ийе оны пүткил душпанларынан ҳәм Шаулдың қолынан қутқарған күни, Даўыт усы жырды Оған арнап айтқан
2Сени сүйемен, күш-қүдиретим Сенсең, Жаратқан Ийе!

3Жаратқан Ийе – жартасым, қорғаным ҳәм қутқарыўшым.
Қудайым мениң қорғаўшы жартасым, Оннан пана табаман,
Ол қалқаным, қүдиретли қутқарыўшым ҳәм қорғанымдур!
4Мақтаўға ылайықлы Жаратқан Ийени шақыраман,
Қутқарыламан душпанларымнан.
5Әжел арқанлары шырмап алып,
Набыт қылыў ағыслары қорқытты мени.
6Өлилер мәканының арқанлары байлады мени,
Өлим дузақлары шықты қарсыма.
7Азап ишинде Жаратқан Ийеге жалбарындым,
Жәрдемге шақырдым Қудайымды.
Ибадатханасынан Ол даўысымды еситти,
Қышқырғаным қулағына жетип барды.

8Сол ўақытта жер жүзи титиреп, шайқалды,
Силкинди таўлардың негизги тырнақлары,
Себеби Жаратқан Ийе ғәзепке минген еди.
9Мурнынан түтин көтерилди,
Аўзынан жалмап жутатуғын жалын шығып,
Оннан көмир шоғы жаўды.
10Көклерди жарып, төменге түсти,
Қара булт Оның аяғының астында.
11Бир керубқа
Керуб – қанатлы руўхый барлық.
минип,
Самалдың қанатлары үстинде ушып келди.
12Өзин жасырыў ушын түнекти перде қылды,
Қойыў қара бултларды Өзине шертек қылды.
13Оның алдындағы нурдан,
Буршақ ҳәм көмир шоғы қара бултларды жарып шықты.
14Гүркиреди аспанда Жаратқан Ийе,
Даўыс берди Қудай Таала.
Буршақ ҳәм көмир шоғы жаўды.
15Оқларын атып, душпанларды пытыратты,
Шақмақ шақтырып, оларды албыратып таслады.
16Жаратқан Ийе, Сениң кейисиңнен,
Мурныңнан шыққан күшли демиңнен,
Суўлардың түби көринди,
Дүньяның тийкары ашылып қалды.

17Алды мени Жаратқан Ийе қолын созып жоқарыдан,
Ҳәм шығарды терең суўлардан.
18Қутқарды мени күшли душпанымнан,
Меннен күшлирек болған,
Мени жек көретуғынлардан.
19Қарсы турды олар маған басыма ис түскенде,
Бирақ тирек болды маған Жаратқан Ийе.
20Ол кең жерге шығарды мени,
Кеўли толып, қутқарды мени.

21Жаратқан Ийе ҳақлығым ушын сый берип,
Пәк қолларым ушын есесин қайтарды.
22Өйткени жүрдим Жаратқан Ийениң жолы менен,
Жаманлық ислемедим, Қудайымнан узақласып.
23Көз алдымда сақладым барлық қарарларын,
Қағыйдаларын шетке ысырып қоймадым.
24Минсиз болдым Оның алдында,
Өзимди сақладым гүна ислеўден.
25Есесин қайтарды Жаратқан Ийе ҳақлығым ушын,
Көз алдында қолларымның пәклиги ушын.

26Сен садыққа садықлық көрсетип,
Минсизге минсиз боласаң.
27Пәк адамға пәклигиңди көрсетип,
Жалатайға жалатайшылығына гөре ис тутасаң.
28Езилгенлерди қутқарасаң,
Менменлерди болса, жерге урасаң.
29Қудайым Жаратқан Ийе, шырағымды жағыўшы,
Қараңғылығымды жақтыландырыўшы Сенсең.
30Сениң менен ләшкерлерди қыйратып,
Қудайым менен дийўаллардан асарман.

31Қудайдың жолы минсиз,
Жаратқан Ийениң сөзи исенимли,
Ол қалқаны Өзинен пана излеген ҳәр бир адамның.
32Жаратқан Ийеден басқа Қудай бар ма?
Қудайымыздан басқа қорғаўшы жартас бар ма?
33Қудай мени күшке толтырар,
Жолымды минсиз қылар.
34Кийиктиң аяқларындай қылар аяқларымды,
Қояр мени бийикликлерге.
35Үйретеди қолларымды урысыўға,
Ҳәм қола оқ жайды керип тартыўға.
36Бересең маған қутқарылыў қалқаныңды,
Оң қолың маған сүйениш болады,
Мәртебели қылар жәрдемиң мени.
37Кең қыларсаң басар жолымды,
Аяқларым мениң сүрникпес.
38Душпанларымның изинен қуўып, жетип алдым,
Оларды жоқ қылмай турып, изге қайтпадым.
39Езип тасладым, тура алмай қалды олар,
Аяқларым астында созылып жатты.
40Саўаш ушын мени толтырдың күшке,
Маған қарсы шыққанларды бас ийдирдиң алдымда.
41Душпанларымды меннен қашатуғын қылдың,
Мен де өзимди жек көргенлерди жоқ еттим.
42Жалбарынды олар, бирақ қутқарған болмады,
Жаратқан Ийени шақырды, бирақ Ол жуўап бермеди.
43Ездим оларды самал ушырған шаң сыяқлы,
Даладағы ылай сыяқлы шашыратып тасладым.

44Қутқардың халықтың көтерилисинен,
Миллетлердиң басшысы қылдың мени,
Хызмет етер өзим танымайтуғын халықлар маған.
45Мен туўралы еситиўден бойсынып,
Жат еллилер меннен айбынды.
46Жат еллилердиң жүзлери қуўарып,
Шықты титиреп, паналаған жерлеринен.
47Жаратқан Ийе тири, Қорғаўшы жартасыма алғыслар болсын!
Қутқарыўшым Қудай уллылансын!
48Ол болады душпанларымнан өш алыўыма жол қойған,
Халықларды маған бағынышлы қылған.
49Қутқарар Ол душпанларымнан,
Аўа, үстин қылар маған қарсы шыққанлардан,
Азат қылар жаўызлардың қолынан.
50Буның ушын, Жаратқан Ийе,
Тәрийиплеймен Сени миллетлер арасында,
Саз шертип алғыс айтаман арнап атыңа.
51Жаратқан Ийе Өз патшасын уллы жеңислерге еристирер,
Майлаған патшасы Даўытқа ҳәм оның урпағына,
Мәңгиге мийрим-шәпәәтин көрсетер.
Copyright information for KaaIBT22C