Psalms 18
1Атқарыўшылардың жетекшисине. Даўыттың жыры2Қудайдың уллылығын көклер жәриялап турады,
Оның дөретпеси ҳаққында аспан гүмбези хабарлайды.
3Буны күн күнге жәриялайды,
Түн түнге мәлим қылады.
4Ол жерде бир сөз де, бир гәп те айтылмас,
Шықпас олардан ҳеш қандай сес.
5Бирақ хабарлары ҳәр тәрепке тарқалар,
Сөзлери дүньяның төрт тәрепине жетип барар.
Қудай қуяш ушын көклерде шатыр қурды.
6Қуяш шымылдықтан шыққан күйеў балаға уқсайды,
Жуўырмақшы болған жуўырыўшы яңлы қуўанады.
7Аспанның бир шетинен шығып,
Жолын басқа бир шетине қарай даўам етеди,
Оның ҳәўиринен ҳеш нәрсе жасырына алмайды.
8Жаратқан Ийениң нызамы минсиз,
Ол жанға жан қосар,
Жаратқан Ийениң буйрықлары исенимли,
Ол саданы дана қылар.
9Жаратқан Ийениң пәрманлары дурыс,
Жүректи шадлыққа толтырар.
Жаратқан Ийениң буйрықлары анық,
Олар көзлерге нур берер.
10Жаратқан Ийеден қорқыў пәклик,
Бул мәңги даўам етер.
Жаратқан Ийениң қағыйдалары ҳақыйқат,
Барлығы әдилдур.
11Булар алтыннан, сап алтыннан да қәдирли,
Пал көзгенектен тамған палдан да мазалы.
12Булар қулың болған маған нәсият берер,
Оларға әмел қылғанлар уллы сый алар.
13Ким өз қәтесин көре алады?
Билмей қылған гүналарымнан Өзиң пәкле.
14Биле тура гүна ислеўден сақла қулыңды,
Гүнаның мени басқарыўына жол қойма!
Сонда мен минсиз боламан,
Аўыр гүнадан да узақта боламан.
15Аўзымнан шыққан сөзлер,
Жүрегимдеги ой-пикирлер,
Сениң алдыңда мақул болсын,
Жаратқан Ийе, қорғаўшы жартасым, әмеңгерим!
Copyright information for
KaaIBT22C