‏ Psalms 19

1Атқарыўшылардың жетекшисине. Даўыттың жыры
2Қыйыншылықта қалғаныңда, Жаратқан Ийе жуўап берсин,
Яқыптың Қудайының аты сени аман сақласын!
3Жәрдем жиберсин саған мухаддес Ибадатханасынан,
Сионнан Ол саған сүйениш болсын.
4Барлық садақаларыңды ядында сақласын,
Жандырылатуғын қурбанлықларыңа ыразы болсын! Селаҳ
5Кеўлиңдегини берсин саған,
Барлық жобаларыңды жүзеге асырсын!
6Сонда жеңисиң ушын шадланып бақырамыз,
Қудайымыздың аты менен байрақларымызды орнатамыз,
Жаратқан Ийе барлық тилегиңди жүзеге асырсын.

7Билемен, Жаратқан Ийе Өзи майлаған патшаға жеңис берер,
Оң қолының қутқарыў күши менен,
Мухаддес аспанынан оған жуўап берер.
8Базылар саўаш арбаларға,
Базылар атларға исенеди,
Бизлер Қудайымыз Жаратқан Ийениң атын айтып шақырамыз.
9Олар қулап, жерге шөгеди,
Бизлер турып, тиклеймиз қәддимизди.

10Жаратқан Ийе, патшамызға жеңис сыйла,
Жуўап бере гөр Саған жалбарынғанымызда!
Copyright information for KaaIBT22C