Psalms 2
1Не ушын көтерилис қылады миллетлер?Неге бийҳуда жобалар дүзеди халықлар?
2Жаратқан Ийеге ҳәм Оның майлаған патшасына,
Қарсы сап тартып турар жер жүзиндеги патшалар,
Тил бириктирип, былай дейди ҳүкимдарлар:
3«Сындырайық олардың салған кисенлерин,
Ылақтырайық мойнымыздағы буғаўларын».
4Көкте отырған Ийе болса,
Оларды масқаралап, үстинен күлер.
5Кейин Ол ашыўланып, оларды ескертер,
Ғәзеби менен қорқынышқа салып, былай дер:
6«Мен мухаддес таўым болған Сионға,
Өзимниң патшамды отырғыздым».
7Жаратқан Ийениң қарарын жәрия қыламан:
Ол маған былай деди:
«Сен Мениң улымсаң,
Бүгин Мен саған Әке болдым.
8Сора Меннен, халықларды қолыңа беремен,
Ийелигиңе жер жүзиниң төрт тәрепин тапсыраман.
9Темир ҳаса менен оларды урып езесең,
Ылай ыдыстай етип, сындырасаң».
10Ҳәй патшалар, ақыл менен ис тутың!
Ҳәй дүньядағы ҳүкимдарлар, сабақ алың!
11Қорқыў менен Жаратқан Ийеге хызмет етиң,
Мүләйимлик пенен шадланың.
12Оның улының алдында бас ийиң,
Болмаса, Оның ғәзеби қайнар,
Сизлер де өмир жолыңызда бирден жоқ боларсыз.
Оның қәҳәри тез лаўлап жанар.
Қандай бахытлы Оннан пана тапқанлар!
Copyright information for
KaaIBT22C