Psalms 20
1Атқарыўшылардың жетекшисине. Даўыттың жыры2Жаратқан Ийе, қүдиретиңе патша қуўанар,
Берген жеңисиңе сондай шадланар!
3Жүрегиндеги арзыў-әрманына жеткердиң,
Аўзынан шыққан тилегинен бас тартпадың. Селаҳ
4Оны уллы жарылқаўлар менен қарсы алдың,
Басына сап алтыннан таж кийдирдиң.
5Сеннен өмир сорағанда, өмир бердиң,
Узақ, мәңги-бақый өмир сыйладың.
6Жеңис берип, оны уллы даңққа бөледиң,
Оны салтанат ҳәм уллылыққа бөледиң.
7Оның үстине мәңги берекет жаўдырдың,
Қасында болып, шадлыққа толтырдың.
8Патша Жаратқан Ийеге үмит байлайды,
Қудай Тааланың сүйиспеншилиги арқалы сүрникпейди.
9Қолың барлық душпанларыңды,
Оң қолың Сени жек көретуғынларды табады.
10Жаратқан Ийе, Сен келген ўақтыңда,
Қызған тандырдай қыласаң оларды.
Өз ғәзебиң менен оларды жутып,
Жалын менен жандырасаң.
11Жоқ етесең урпақларын жер жүзинен,
Зүрядын адамлар арасынан.
12Душпанларың жаманлық жобасын дүзип,
Саған қарсы жаўызлық ойласа да,
Олар ҳеш нәрсеге ерисе алмайды.
13Оқ жайыңды керип, жүзине гөзлеп,
Артына қашыўға мәжбүрлейсең.
14Уллылығың менен көтерил, Жаратқан Ийе!
Қүдиретиңди саз шертип, жырлайық.
Copyright information for
KaaIBT22C