‏ Psalms 21

1Атқарыўшылардың жетекшисине. «Таңдағы суўын» намасына айтылады. Даўыттың жыры
2Қудайым, Қудайым! Неге мени таслап кеттиң?
Неге меннен соншелли узақтасаң?
Не ушын маған жәрдем бермейсең,
Шеккен налаларымды еситпейсең?
3Қудайым! Күн бойы шақыраман, жуўап бермейсең,
Түн бойы шақыраман, еле тынышлық таппадым.
4Сен мухаддессең,
Израилдың алғыслары үстине тахт қурғансаң.
5Саған үмит қылды ата-бабаларымыз,
Үмит байлады, Сен оларды қутқардың.
6Саған жалбарынып, азат болды,
Саған үмит байлап, алданып уятқа қалмады.

7Бирақ мен адам емес, қуртпан,
Адамлар мени кемситеди, халық жек көреди.
8Мени көргенлердиң ҳәммеси үстимнен күледи,
Басларын шайқап былай дейди:
9«Жаратқан Ийеге өзин тапсырды, оны қутқарсын,
Оннан кеўли толса, Оның Өзи жәрдем берсин!»

10Сен едиң мени ана қарнынан шығарған,
Сен едиң емизиўли ўақтымда мени аман сақлаған.
11Туўылмасымнан алдын, Сениң ғамхорлығыңа өткенмен,
Анамның қарнынан берли, Қудайым Сенсең.
12Меннен узақ болма,
Апат жақын маған,
Жәрдем беретуғын ҳеш ким жоқ.

13Сүзетуғын буғалардай қоршап атыр көп душпанлар,
Башанның күшли буғаларындай дөгереклеп тур.
14Ақырған жыртқыш арыслан яңлы,
Олар маған қарсы аўзын ашып турыпты.
15Суў сыяқлы төгилдим,
Барлық сүйеклерим буўынларынан босасты,
Мумдай болып, жүрегим ишимде ериди.
16Кеўип қалған гүлалдай ҳал-дәрманым қалмады,
Тилим таңлайыма жабысты,
Мени өлим топырағына жатқыздың.
17Әтирапымда ийтлер ызғып жүр,
Жаўызлар топары дөгерегимди қоршап тур.
Аяқ-қолларымды тесип атыр.
18Барлық сүйеклеримди санай аламан,
Душпанларым маған тигилип, тамаша қылып тур.
19Кийимлеримди өз ара бөлиспекте,
Липасларым ушын шек тасламақта.

20Меннен узақ болма, Жаратқан Ийе,
Күш-қуўатым мениң, жәрдемге асық!
21Жанымды қылыш жүзинен,
Өмиримди ийтлердиң пәнжесинен қутқар!
22Қутқар мени арысланның аўзынан,
Жабайы буғалардың шақынан,
Жалбарыныўыма жуўап бердиң.
23Туўысқанларыма Сениң атыңды жәриялайман,
Жәмийет алдында Саған алғыс-мақтаў айтаман.

24Ҳәй, Жаратқан Ийеден қорқатуғынлар,
Оған алғыс-мақтаў айтыңлар!
Оны даңққа бөлең, ҳәй, Яқып урпағы!
Оған ҳүрмет көрсетиң, ҳәй, Израил урпағы!
25Езилгенниң қайғы-ҳәсиретин көрип,
Ол тиксинип, жеркенип қарамады.
Ал оннан жүзин жасырмай, қулақ салды пәриядына.

26Уллы жыйында алғыс-мақтаў айтыўымның себеби Сенсең,
Сеннен қорққанлардың алдында ўәделеримди орынлайман.
27Жарлылар жеп тояды,
Сени излегенлер алғыс-мақтаў айтады,
Олардың өмири узақ ҳәм шад болады!
28Жер жүзиниң барлығы Жаратқан Ийени еслеп, Оған қайтады,
Дүньядағы барлық миллетлер Оның алдында тәжим қылады.
29Патшалық Жаратқан Ийеге тийисли,
Барлық миллетлерге Ол ҳүкимдарлық қылады.

30Жер жүзиндеги барлық байлар ишип-жеп, Оған тәжим қылады,
Ҳәтте, топыраққа кететуғын ҳәм жанын сақлай алмайтуғынлар да,
Оның алдында дизе бүгип, бас ийеди.
31Келешек әўладлар Оған хызмет етеди,
Туўылатуғын нәсиллерге Ийемиз ҳаққында жәрияланады.
32Олар келип, Жаратқан Ийениң қутқарыў жолын,
Оның қылған ислерин еле туўылмағанларға жеткереди.
Copyright information for KaaIBT22C