‏ Psalms 22

1Даўыттың жыры
Жаратқан Ийе шопанымдур,
Мен мүтәжлик көрмеспен.
2Мени жасыл жайлаўларда жатқызар,
Тыныш ағын суў бойына алып барар.
3Ол жанымды қайта тиклеп,
Өз аты ушын мени туўры жолға жетеклер.
4Ҳәттеки, өлим қараңғылығы яңлы,
Сол ойпатлықтан өтсем де,
Қорқпайман қәўип-қәтерден.
Сен мениң менен биргесең,
Ҳасаң, шопанлық таяғың,
Тынышлық берер маған.

5Көз алдында душпанларымның,
Мен ушын дастурхан жаясаң.
Басыма май сүртип,
Кесемди мениң толтырасаң.
6Өмирим бойы жақсылық ҳәм сүйиспеншилик изимнен жүрер,
Жаратқан Ийениң Үйи мәңги мәканым болар.
Copyright information for KaaIBT22C