Psalms 23
1Даўыттың жырыЖаратқан Ийеге тийисли жер жүзи ҳәм оны толтырып турғанлар,
Әлем ҳәм онда жасайтуғынлар.
2Ол теңизлердиң үстине жерди орнатып,
Оны беккемледи суўлар үстине.
3Жаратқан Ийениң таўына ким шығыўы мүмкин?
Оның мухаддес жеринде ким турыўы мүмкин?
4Қоллары пәк, жүреги таза болған,
Кеўлин жалған нәрселерге бермеген,
Жалғаннан ант ишпеген адам.
5Ол Жаратқан Ийеден жарылқаў алады,
Қутқарыўшысы Қудай оны ақлайды.
6Жаратқан Ийени излегенлер,
Оның жүзин көриўди тилеген Яқыптың нәсили сондай болады. Селаҳ
7Кең ашылың, ҳәй дәрўазалар!
Ашылың, ҳәй әзелги қапылар!
Уллы Патша кирсин ишке!
8Ким бул уллы Патша?
Ол – Жаратқан Ийедур, күшли ҳәм қүдиретли,
Саўашларда қүдиретли болған Жаратқан Ийе.
9Көтерилип ашылың, ҳәй дәрўазалар!
Ашылың, ҳәй әзелги қапылар!
Уллы Патша кирсин ишке!
10Ким бул уллы Патша?
Ол – Әлемниң Жаратқан Ийеси,
Ол – уллы Патша! Селаҳ
Copyright information for
KaaIBT22C