Psalms 24
1Даўыттың жырыЖаратқан Ийе, пүткил барлығым менен Саған жақынласаман,
2Қудайым, Сеннен үмит қыламан,
Мен уятқа қалмайын,
Душпанларым меннен үстин шығып, йошланбасын.
3Саған үмит байлаған ҳасла уятқа қалмас,
Себепсиз қыянет ететуғынлар уятқа қалар.
4Жаратқан Ийе, жолларыңды көрсет,
Өз соқпақларыңды түсиндир маған.
5Ҳақыйқатлыққа жетелеп, үйрет маған,
Қутқарыўшым Қудай Өзиңсең.
Күни бойы үмитим Сеннен.
6Жаратқан Ийе, реҳимиңди ҳәм сүйиспеншилигиңди есле,
Бардур булар әзелден бери.
7Еске алма жаслықтағы гүна ҳәм қылмысларымды,
Сүйиспеншилигиң ҳәм ийгилигиң ҳақы,
Мени есле, Жаратқан Ийе.
8Жаратқан Ийе жақсы ҳәм әдалатлыдур!
Соның ушын, гүнакарларға жол көрсетер.
9Кишипейиллерди әдиллик жолы менен алып жүрер,
Оларға Өз жолын үйретер.
10Келисимдеги шәртлерге әмел қылғанлар ушын,
Жаратқан Ийениң соқпақлары сүйиспеншилик ҳәм садықлыққа толыдур.
11Мениң айыпларым көп,
Жаратқан Ийе, Өз атың ушын,
Айыпларымды кешир.
12Ким Жаратқан Ийеден қорқса,
Жаратқан Ийе оған таңлайтуғын жолды көрсетер.
13Ол адам бахытлы жасар,
Оның нәсили елди мүлик етип алар.
14Жаратқан Ийе Өзинен қорққанларға сырлас болар,
Келисимин оларға билдирер.
15Көзлерим ҳәмме ўақытта Жаратқан Ийе тәрепте,
Ол азат қылар тордан аяқларымды.
16Аўҳалыма қара, реҳим қыл маған,
Жалғызбан ҳәм езилгенмен.
17Артып бармақта жүрегимдеги қайғылар,
Усы дәртлерден мени қутқар!
18Азап-ақыретиме қара,
Кешир барлық гүналарымды!
19Душпанларыма қара, қаншелли көбейген,
Жаўызларша олар мени жек көреди!
20Жанымды сақлап, қутқара гөр!
Шерменде қыла гөрме,
Мен Сеннен пана тапқанман!
21Шынлық ҳәм әдиллик мени қорғасын,
Саған үмит байлағанман.
22Қудай, қутқар Израилды,
Барлық қайғы-ҳәсиретлеринен.
Copyright information for
KaaIBT22C