Psalms 25
1Даўыттың жырыМени ақла, Жаратқан Ийе,
Мен пәк жолдан жүрдим,
Екиленбестен Жаратқан Ийеге үмит байладым.
2Жаратқан Ийе, мени тексерип, имтиханнан өткер,
Жүрегим ҳәм нийетимди сынап көр.
3Сүйиспеншилигиң көз алдымда,
Сениң садықлығың мени жетеклер.
4Өтирикшилер менен бирге отырмайман,
Еки жүзлилер менен дос болмайман.
5Напәклер топарын жек көремен,
Зулымлардың арасында отырмайман.
6Көрсетиў ушын айыпсызлығымды,
Жуўаман қолларымды, Жаратқан Ийе,
Қурбанлық орныңды айланып жүремен.
7Бәлент даўыс пенен алғыс қосығын айтаман,
Тәрийиплеймен, барлық әжайып ислериңди.
8Жақсы көремен, Жаратқан Ийе, Сен мәкан қылған Үйди,
Сениң салтанатың орналасқан жерди.
9Гүнакарлар менен бирге жанымды алма,
Қанхорлар қатарында өмириме шек қойма.
10Жаўыз жоба дүзеди олардың қоллары,
Оң қоллары параға толы.
11Ал мен пәк өмир сүремен,
Қутқар мени, реҳим қыл маған!
12Аяқларым тегис жерде турыпты,
Жаратқан Ийе, уллы жыйында алғыслайман Сени.
Copyright information for
KaaIBT22C