‏ Psalms 26

1Даўыттың жыры
Жаратқан Ийе мениң нурым ҳәм қутқарыўшым,
Мен кимнен қорқаман?
Жаратқан Ийе өмиримниң қорғаны,
Мени ким қорқыта алады?
2Денемди тилкимлеў ушын жаўызлар үстиме бастырып келгенде,
Жаўларым ҳәм душпанларым маған қарсы шабыўыл жасағанда,
Өзлери сүрнигип, қулайды.
3Бир орда ләшкер мени қамал қылса да,
Жүрегим қорқпас,
Маған қарсы урыс басланса да,
Үмитим үзилмес.

4Жаратқан Ийеден бир тилегим ҳәм излегеним мынаў:
Жаратқан Ийениң Үйинде өмир бойы жасаў,
Оның гөззаллығын көриў,
Ибадатханасында сыйынып, ой жуўыртыў.
5Апатта қалған күнлеримде,
Ол мени Өз панасында аман сақлайды.
Шатырының ишине жасырып мени,
Бәлент жартас үстине алып шығады.
6Сонда әтирапымдағы душпанларым үстинен,
Басым жоқары көтериледи.
Жаратқан Ийениң шатырында қурбанлық беремен,
Шадланып, алғыслаў қурбанлығын беремен,
Саз шертип, Оны жырлайман.

7Жаратқан Ийе, қулақ сал даўысыма, Саған жалбарынаман,
Реҳим етип, жуўап бер маған!
8«Мениң жүзимди изле!» дегениңди кеўлим еситти,
Аўа, Жаратқан Ийе, Сениң жүзиңди излеймен.
9Жүзиңди меннен жасырма,
Ғәзепленип, қулыңнан жүз бурма!
Жәрдемшим Сен болдың,
Жүз бурып, мени тәрк етпе,
Қудай, қутқарыўшым мениң!
10Ата-анам мени таслап кетсе де,
Жаратқан Ийе мени қабыл етеди.
11Жаратқан Ийе, жолыңды үйрет маған,
Буққыда жатқан душпанларыма бола,
Туўры соқпақларыңнан жетеле мени.
12Жаўларымның қолына тапсырма мени,
Жалған гүўалар, наҳақ айыплаўшылар,
Маған қарсы шықты.

13Бирақ мынаған анық исенемен:
Мен тирилер әлеминде жүрип,
Жаратқан Ийениң ийгилигин көремен.

14Жаратқан Ийеге үмит қыл,
Күшли ҳәм мәрт бол,
Жаратқан Ийеге үмит қыл.
Copyright information for KaaIBT22C