Psalms 28
1Даўыттың жырыҲәй, иләҳий барлықлар, Жаратқан Ийени алғыслаң,
Жаратқан Ийениң салтанатын ҳәм қүдиретин алғыслаң,
2Жаратқан Ийениң уллы атын алғыслаң,
Мухаддес сән-саўлатқа бөленген Жаратқан Ийеге сыйының!
3Суў бетинде еситилер Жаратқан Ийениң даўысы,
Уллы Қудай гүркиреп, даўыс шығарар,
Шексиз суў бетинде еситилер Жаратқан Ийениң жаңғырығы.
4Жаратқан Ийениң даўысы күшлидур,
Жаратқан Ийениң даўысы салтанатлыдур.
5Жаратқан Ийениң даўысы кедр ағашларын сындырар,
Ҳәттеки, Лебанондағы кедр ағашларын майдалап таслар.
6Ол Лебанон таўын бузаўдай етип,
Сирйон таўын жабайы танадай етип, секиртер.
7Шақмақ шақтырар Жаратқан Ийениң даўысы,
8Шөлистанды титиретер Оның даўысы,
Жаратқан Ийе Қадеш шөлин ләрзеге салар.
9Жаратқан Ийениң даўысы суўынларды туўдырар,
Тоғайларды жалаңашлар.
Оның Ибадатханасында ҳәмме «Даңқ болсын!» деп бақырысар.
10Жаратқан Ийе топан суўы үстине тахтын қурды,
Ол мәңги патша болып қалады.
11Жаратқан Ийе Өз халқына күш бағышлар,
Халқын тынышлық пенен жарылқар!
Copyright information for
KaaIBT22C