Psalms 29
1Даўыттың жыры. Жаратқан Ийениң үйи бағышланған ўақытта айтылған қосық2Сени уллылайман, Жаратқан Ийе,
Мени жоқары алып шықтың,
Душпанларымның мениң үстимнен,
Күлиўине жол қоймадың.
3Қудайым Жаратқан Ийе,
Саған жалбарындым, маған шыпа бердиң.
4Жаратқан Ийе, жанымды өлилер мәканынан алып шықтың,
Өлим шуқырына түсип баратырғанымда, мени қутқардың.
5Ҳәй Жаратқан Ийениң садық қуллары,
Саз шертип, Оны алғыслаң,
Оның мухаддес атын тәрийиплең!
6Оның ғәзеби бир мезгил,
Ал меҳрибанлығы бир өмир даўам етер.
Қайғы-азап бир түн болар,
Бирақ азан менен қуўаныш кирип келер.
7Әўметли болып, исим жүрискенде,
«Ҳасла сүрникпеспен!» – деген едим.
8Жаратқан Ийе, меҳриң менен,
Мени таўдай қылып беккемледиң.
Бирақ Сен жүзиңди жасырғаныңда,
Қорқыныш бийлеп алды мени.
9Жаратқан Ийе, Сени шақырдым,
Ийеме жалбарынып, реҳим сорадым:
10«Егер мен кирсем қәбирге,
Өлимимнен Саған не пайда?
Топырақ Саған алғыс айта ма?
Сениң садықлығыңды жәриялай ма?
11Қулақ сал, Жаратқан Ийе, маған реҳим қыл,
Жәрдемшим бол, Жаратқан Ийе!»
12Қайғымды ойын-күлкиге айландырдың,
Аза кийимимди шешип, шадлыққа бөледиң.
13Жаным Сени алғыслап қосық айтсын, үнсиз қалмасын,
Саған мәңги миннетдаршылық билдиремен, Қудайым Жаратқан Ийе.
Copyright information for
KaaIBT22C