‏ Psalms 3

1Даўыттың өз улы Абшаломнан қашқан ўақытта жазған жыры
2Жаратқан Ийе, соншелли көп душпанларым,
Маған қарсы бас көтерип атыр көп адам!
3Көплер мен ҳаққында:
«Қудайдан оған қутқарылыў жоқ», – деп айтар. Селаҳ
Селаҳ – бул саз термини болыўы мүмкин. Мәниси белгисиз.

4Бирақ Сен Жаратқан Ийе, мениң қалқанымсаң,
Мени даңққа бөлеп, басымды жоқары көтересең.

5Жәрдем сорап, Жаратқан Ийеге жалбарынаман,
Жуўап берер Ол маған мухаддес таўынан. Селаҳ

6Жаратқан Ийе мени қорғағаны себепли,
Жатаман, уйықлайман, және аман-есен тураман.
7Ҳәр тәрептен қоршап турған,
Он мыңлаған жаўлардан қорқпайман.

8Жаратқан Ийе, тур,
Қудайым, мени қутқар!
Сен барлық душпанларымның жүзине урдың,
Жаўызлардың тислерин сындырдың.
9Қутқарылыў Жаратқан Ийеден келер,
Халқыңның үстине жаўсын берекетиң! Селаҳ
Copyright information for KaaIBT22C