‏ Psalms 30

(Заб 70:1-3)

1Атқарыўшылардың жетекшисине. Даўыттың жыры
2Жаратқан Ийе, Сени паналайман,
Мени ҳасла шерменде қылма!
Әдалатлығың менен қутқар мени!
3Маған қулағыңды түрип, дәрҳал қутқар мени,
Паналайтуғын жартасым бол,
Қутқарылыўым ушын, беккем қорған бол!
4Шынында да, Сен жартасым ҳәм қорғанымсаң,
Өз атың ушын мени жетеле, жол көрсет маған.
5Маған қарсы қойылған тордан узақлат мени,
Өзиңсең мениң панам.
6Жанымды қолларыңа тапсыраман,
Жаратқан Ийе, садық Қудай, қутқар мени.

7Жарамсыз бутларға табыныўшылардан жеркенемен,
Жаратқан Ийеге үмит байлайман.
8Садықлығың арқалы йошып, шад болайын,
Қайғыларымды Өзиң көрдиң,
Шеккен азапларымды билесең.
9Мени душпанның қолына тапсырмадың,
Ал аяқларымды кең жерге бастырдың.

10Реҳим қыл маған, Жаратқан Ийе, қыйыншылықтаман,
Қайғыдан көзлеримниң нуры сөнди,
Жан-тәним де тамам болды.
11Өмирим азап пенен,
Жылларым аҳ урыў менен таўысылар,
Гүналарым себепли күшим қайтып,
Сүйеклерим қуўрап қалар.
12Душпанларым себепли жек көринишли болдым,
Әсиресе өз қоңсыларыма.
Досларым да аўҳалымды көрип қорқады,
Көшеде көргенлер меннен қашатуғын болды.
13Марҳум сыяқлы умыт болдым мен,
Сынып қалған ыдысқа уқсайман.
14Көплердиң өсек сөзлерин еситип атырман,
Олар маған қарсы тил бириктирди,
Жанымды алыў ушын жоба дүзди,
Әтирапымды қорқыныш орап алды.

15Жаратқан Ийе, мен Саған үмит байлайман,
«Қудайым Сенсең!» деп айтаман.
16Тәғдирим Сениң қолыңда,
Мени душпанларымның қолынан,
Қутқара гөр изиме түскенлерден.
17Сениң жүзиң қулыңа нурын шашсын,
Сүйиспеншилигиңди көрсетип, қутқар мени!
18Шерменде қылма мени, Жаратқан Ийе,
Жәрдем сорап, Саған жалбарынаман.
Жаўызлар шерменде болсын,
Өлилер мәканында үнлери өшсин.
19Менменлик пенен, жоқарыдан қарап,
Ҳақ адамнан жеркенип, оны кемситип сөйлегенниң,
Өшсин жалған сеслери.

20Ийгилигиң соншелли молдур, Жаратқан Ийе,
Оны Өзиңнен қорққанлар ушын сақлайсаң,
Ҳәммениң көз алдында,
Сеннен пана тапқанларға жақсы қатнас қыласаң.
21Адамлардың жаўыз жобасынан,
Дәргайыңда пана болып, оларды қорғайсаң,
Жаман тиллерден,
Өз панаңда сақлайсаң.

22Жаратқан Ийеге алғыслар болсын,
Қамалдағы қалада қалғанымда,
Әжайып мийрим-шәпәәтиңди көрсеттиң маған.
23Қорқынышқа түсип, былай дедим:
«Сениң дәргайыңнан шығарылдым!»
Бирақ жәрдемге шақырғанымда Сени,
Еситтиң мениң жалбарыныўымды.

24Жаратқан Ийени сүйиң, ҳәй Оның садық қуллары!
Жаратқан Ийе исенимли адамларды қорғайды,
Менменлерге толық жаза береди.
25Ҳәй, Жаратқан Ийеге үмит байлағанлар,
Күшли болың ҳәм мәрт болсын жүрегиңиз!
Copyright information for KaaIBT22C