Psalms 31
1Даўыттың нәсият жырыҚылмыслары кеширилгенлер,
Гүналары алып тасланғанлар қандай бахытлы!
2Жаратқан Ийе тәрепинен айыплы саналмаған,
Кеўлинде сумлық болмаған адам қандай бахытлы!
3Гүнамды мойынлаўдан бас тартқанымда,
Зар жылап жүргенликтен күни бойы,
Сүйеклерим кеўип қалды.
4Күни-түни қолың үстимде аўыр жүк болды,
Саратан ыссысының қурғақшылығы яңлы, дәрманым қалмады. Селаҳ
5Сонда гүнамды алдыңда мойынладым,
Айыбымды жасырмай, былай дедим:
«Жаратқан Ийениң алдында қылмысымды тән аламан».
Ал Сен айып-гүналарымды кеширдиң. Селаҳ
6Соның ушын, ҳәр бир садық қулың,
Мүмкиншилик бар ўақытта дуўа етсин.
Сонда топан суўы тасып кетсе де, оған жетип бармас.
7Сен мениң панамсаң,
Мени қәўип-қәтерден сақлайсаң,
Маған берген қутқарылыўың себепли,
Әтирапымдағыларды шадлыққа бөледиң. Селаҳ
8Жаратқан Ийе былай дейди:
«Саған ақыл-нәсият беремен,
Жүретуғын жолыңды көрсетемен,
Мәсләҳәт берип, нәзеримнен қашырмайман.
9Ат ямаса ғашырдай ойсыз болмаң,
Суўлық ҳәм жүўен керек оларды жолға салыў ушын,
Болмаса, олар бойсынбайды».
10Напәклердиң азабы көп болады,
Бирақ Жаратқан Ийеге үмит еткенлерди,
Оның сүйиспеншилиги қоршап алады.
11Ҳәй, ҳақ адамлар,
Жаратқан Ийеде қуўанып, шадланың,
Ҳәй, жүреги пәк болғанлар,
Ҳәммеңиз шадланып бақырың!
Copyright information for
KaaIBT22C