Psalms 32
1Ҳәй, ҳақ адамлар,Жаратқан Ийеде шадланып бақырың!
Әдил адамларға жарасар Оған алғыс-мақтаў айтыў.
2Лира ▼
▼ Лира – бармақ пенен шертилетуғын тарлы саз әсбабы.
шертип, Жаратқан Ийени тәрийиплең,Он тарлы арфада Оған арнап нама шалың.
3Оған арнап таза қосық айтың,
Бәлент даўыс пенен шадланып, саз шертиң.
4Жаратқан Ийениң сөзи ҳақыйқатдур,
Оның ҳәр бир иси исенимлидур.
5Жаратқан Ийе ҳақлықты ҳәм әдалатлықты сүйер,
Жер жүзи Оның сүйиспеншилигине толар.
6Көклер Жаратқан Ийениң буйрығы менен,
Аспан денелери аўзынан шыққан сөзи менен жаратылған.
7Ол теңиз суўларын бир жерге жыйнар,
Түпсиз суўларды суў сақлағышларға сыйдырар.
8Пүткил дүнья жүзи Жаратқан Ийеден қорқсын,
Жер жүзинде жасап атырғанның барлығы Оннан сескенсин.
9Ол сөйледи, айтқаны бар болды,
Буйрық берди, ҳәммеси пайда болды.
10Жаратқан Ийе миллетлердиң жобаларын бузар,
Халықлардың нийетлерин босқа шығарар.
11Бирақ Жаратқан Ийениң жобалары мәңги турар,
Жүрегиндеги нийетлери әўладтан-әўладқа даўам етер.
12Қандай бахытлы, Қудайы Жаратқан Ийе болған миллет,
Қандай бахытлы, Жаратқан Ийе таңлап алған халық.
13Жаратқан Ийе көктен көз таслар,
Пүткил адамзатты көрер.
14Ол тахтта отырған жеринен,
Гүзетер жер жүзинде жасайтуғынлардың ҳәммесин.
15Ол ҳәммениң жүрегин жаратқан,
Олардың ислериниң ҳәммесин билер.
16Әскери көп болғаны менен, патша қутқарылмас,
Уллы күши менен жаўынгер жеңе бермес.
17Жеңис ушын саўаш атлары бос үмитдур,
Олар қүдиретли күши менен қутқара алмас.
18Жаратқан Ийениң көзи Өзинен қорқатуғынларда,
Оның сүйиспеншилигинен үмит ететуғынларда.
19Олардың жанын өлимнен қутқарар,
Ашлық дәўирде оларды тири қалдырар.
20Жанымыз Жаратқан Ийеден үмит етер,
Ол жәрдемшимиз ҳәм қалқанымыз.
21Ол арқалы жүрегимиз қуўанышқа толар,
Оның мухаддес атына үмит байлаймыз.
22Жаратқан Ийе, мудамы үмит байлаймыз Саған,
Сүйиспеншилигиң бизлерге яр болсын!
Copyright information for
KaaIBT22C