Psalms 33
1Абимелехтиң алдында өзин ақылы кемис қылып көрсетип, оның алдынан қуўылған ўақытта ▼ Даўыттың айтқан жыры2Ҳәмме ўақытта Жаратқан Ийеге алғыс айтаман,
Алғыс-мақтаў түспейди аўзымнан.
3Жаратқан Ийе менен мақтанар жаным,
Езилгенлер еситип, шад болсын!
4Мениң менен бирге Жаратқан Ийени уллылаң,
Атын биргеликте даңққа бөлейик.
5Жаратқан Ийеге жалбарындым, Ол жуўап берди маған,
Мени азат етти барлық қәўип-қәтерден.
6Оннан үмит қылғанлардың жүзлеринде нур жарқырайды,
Уятқа қалып, жүзлери қызармайды.
7Мен езилип жалбарындым, Жаратқан Ийе еситти,
Мени барлық азапларымнан азат етти.
8Жаратқан Ийеден қорқатуғынлардың әтирапына,
Оның периштелери орда қурып, қутқарар оларды.
9Жаратқан Ийениң жақсылығын татың ҳәм көриң.
Қандай бахытлы Оннан пана тапқанлар.
10Жаратқан Ийеден қорқың, ҳәй, Оның мухаддеслери,
Оннан қорққанлардың болмас мүтәжлиги.
11Ҳәттеки, арысланлар аш ҳәм мүтәж болар,
Бирақ ҳеш қандай мүтәжлик көрмес Жаратқан Ийеге келгенлер.
12Келиң, ҳәй балалар, тыңлаң мени,
Үйретейин сизлерге Жаратқан Ийеден қорқыўды.
13Ким өмирден заўықланып,
Жақсы күнлер келиўин қәлейди?
14Онда, тилиңизди жаман сөзден,
Аўзыңызды өтирик сөз айтыўдан тыйың.
15Жаманлықтан қашып, жақсылық ислең,
Тынышлыққа умтылып, соған күш салың.
16Жаратқан Ийениң көзи ҳақ адамларда,
Қулағын түрер олардың дадына.
17Жаратқан Ийе жаманлық қылатуғынларға қарсы шығар,
Жер жүзинен олардың атларын өширер.
18Ҳақ адамлар жалбарынар, Жаратқан Ийе еситер,
Барлық азапларынан оларды азат етер.
19Жаратқан Ийе кеўли қабарғанларға жақындур,
Руўхы езилгенлерди қутқарар.
20Ҳақ адамның қайғылары көп болса,
Жаратқан Ийе булардан оны азат қылар,
21Барлық сүйеклерин аман сақлар,
Сындырылмас оның бир сүйеги де.
22Жаманлық залымды өлтирер,
Ҳақ адамнан жеркенген жаза алар.
23Өз қулларын Жаратқан Ийе қутқарар,
Ҳеш қандай жаза алмас Оннан пана тапқанлар.
Copyright information for
KaaIBT22C