Psalms 34
1Даўыттың жырыЖаратқан Ийе, маған қарсы болғанларға Өзиң қарсы шық,
Маған ҳүжим қылғанларға Өзиң қарсы ҳүжим қыл!
2Үлкен ҳәм кишкене қалқан алып,
Маған жәрдемге кел!
3Мени қуўып киятырғанларға қарсы,
Найза ҳәм балтаңды ал.
«Сени Мен қутқараман», – деп ўәде бер маған!
4Жаныма қаслық қылып жүргенлер,
Уятқа қалып, масқара болсын!
Маған қарсы жаўыз нийет еткенлер,
Шермендеси шығып, артқа шегинсин!
5Олар самалда ушқан қаўық сыяқлы болсын,
Жаратқан Ийе, Сениң периштең изине түссин!
6Қараңғы ҳәм сырғанақ болсын олардың жолы,
Жаратқан Ийе, Сениң периштең қуўсын оларды!
7Себепсиз маған тор қурды,
Мени тутып алыў ушын, себепсиз шуқыр қазды.
8Тосаттан олардың басына апат келсин,
Қойған торына өзлери түссин,
Қазған шуқырына өзлери қуласын.
9Сонда Жаратқан Ийе, Сен арқалы шадланаман,
Мени қутқарғаның ушын қуўанаман.
10Пүткил барлығым былай дейди:
«Ҳәлсизди күшлиниң қолынан,
Бийшара ҳәм жарлыны тонаўшылардан қутқаратуғын,
Саған уқсаған ким бар, Жаратқан Ийе?»
11Жаўыз нийетли гүўалар турып,
Билмейтуғын нәрселер ҳаққында меннен сорар.
12Олар жақсылығыма жаманлық қайтарар,
Жаным жалғызланып қалды.
13Олар кесел болған ўақытта,
Аза кийим кийип, ораза туттым.
Басымды ийип, дуўа қылдым.
14Достым, туўысқаным, деп қайғырдым,
Анам ушын аза тутқандай етип,
Қайғыдан басымды ийип жүрдим.
15Олар болса, жығылғанымда жыйналып, шад болды,
Маған қарсы жыйналды бийтаныс адамлар,
Тоқтамастан мени талап таслады.
16Қудайсызлардай аямай масқара қылды,
Маған қарап, тислерин қайрады.
17Ийем, қашанға дейин қарап турасаң?
Қутқара гөр жанымды олардың ҳүжиминен,
Азат қыла гөр бул арысланлардан!
18Уллы жәмийет ишинде Саған шүкир айтаман,
Сансыз халық арасында Саған алғыс-мақтаў айтаман.
19Үстимнен күлмесин себепсиз маған душпан болғанлар,
Көзлерин алартпасын айыпсыз мени жек көргенлер.
20Тынышлық сөзин аўзына алмас олар,
Ал елде тыныш жасап атырғанларға қарсы,
Жалған сөзлерди ойлап табар.
21Маған қарсы аўзын кең ашып, былай деп айтар:
«Ҳай-ҳай, өз көзимиз бенен көрдик қылмысларыңды!»
22Ҳәммесин көрдиң, Жаратқан Ийе, үнсиз қалма,
Ийем, меннен узақ болма!
23Оян, тур, ҳуқықымды қорғап,
Мен ушын гүрес, Қудайым, Ийем!
24Әдиллигиңе гөре, мени ақлай гөр, Қудайым Жаратқан Ийе!
Үстимнен күлмесин душпанларым!
25Олар ишинен былай деп айтпасын:
«Ҳай-ҳай, болды-ғо бизиң қәлегенимиз!»
«Оның басына жеттик!» – демесин.
26Аўыр аўҳалыма шадланғанлар,
Уялып, шерменде болсын,
Меннен өзлерин үстин қойғанлар,
Уят ҳәм шерменделикке шырмалып қалсын.
27Мениң ҳақ болып шығыўымды қәлегенлер,
Шадланып бақырып, қуўансын.
Тынбастан былай деп айтсын олар:
«Қулының аманлығын қәлеген Жаратқан Ийе уллылансын!»
28Сонда күни бойы тилимнен түспес Сениң әдиллигиң,
Саған арнап алғыс-мақтаў айтаман.
Copyright information for
KaaIBT22C