Psalms 35
1Атқарыўшылардың жетекшисине. Жаратқан Ийениң қулы Даўыттың жыры2Наҳақтың гүнасы жүрегинде сөйлейди.
Қудайдан қорқыў жоқ оның кеўлинде.
3Ол өзин жоқары қойып,
Гүнамды Қудай көрмейди,
Ҳүким қылмайды, деп айтады.
4Аўзынан жаманлық ҳәм жалған шығар,
Даналықтан ҳәм жақсылық қылыўдан бас тартар.
5Ҳәттеки, жатқанда да, напәкликти ойлар,
Жаман жолға түсип, бас тартпас жаўызлықтан.
6Жаратқан Ийе, сүйиспеншилигиң көклерге,
Садықлығың бултларға жайылғандур.
7Әдиллигиң уллы таўларға мегзер,
Әдалатың түпсиз теңизге уқсар.
Сен адамзатты да, ҳайўанды да қорғайсаң, Жаратқан Ийе!
8Сүйиспеншилигиң қаншелли баҳалыдур, Қудай!
Қанатларыңның саясында пана табар адамлар.
9Олар жеп тояр үйиңдеги молшылықтан,
Оларға ишкизерсең ләззетке толы дәрьяңнан.
10Өмир булағы Сенде,
Жақтылықты көремиз нурың арқалы.
11Сени таныйтуғынларға сүйиспеншилигиңди,
Жүреги пәклерге ҳақлығыңды көрсет.
12Менменниң аяғы мени баспасын,
Напәклердиң қоллары мени қуўмасын.
13Қара, жаўызлық ислеўшилер жерге жығылды,
Қайтып тура алмастай етип, төменге ылақтырылды.
Copyright information for
KaaIBT22C