Psalms 36
1Даўыттың жырыЖаманлық қылыўшыларға көзиң қызбасын,
Наҳақлық ислеўшилерге ҳәўес қылма!
2Олар майса шөптей тез солып қалар,
Көк шөптей тез қуўрап қалар.
3Сен Жаратқан Ийеге үмит байлап, жақсылық қыл,
Усы елде жасап, садықлықты сақла.
4Жаратқан Ийеден заўықлан,
Ол жүрегиңдеги қәлеўиңди әмелге асырар.
5Өмир жолыңды Жаратқан Ийеге тапсыр,
Оған исен, сонда Ол сен ушын ҳәрекет етер.
6Ол сениң әдиллигиңди нур сыяқлы жарқыратып,
Ҳақлығыңды күндизги қуяштай қылар.
7Жаратқан Ийениң алдында сабырлы бол, Оған үмит байла,
Ҳәўес қылма өз жолында әўметли болып,
Жаўыз нийетлерин әмелге асырғанларға.
8Ғәзебиңди тыйып, ашыўыңды бас,
Қызба болма, бул тек зыян алып келер.
9Жаўызлық етиўшилер жоқ етилер,
Жаратқан Ийеден үмит етиўшилер елге ийелик етер.
10Тез арада напәктиң күни питеди,
Қанша излесең де, бул жерде таба алмайсаң оны.
11Кишипейиллер болса, елге ийелик қылар,
Мол бахытқа ерисип, рәҳәт табар.
12Напәк адам пәк адамға қарсы жаман нийет қылар,
Оған қарсы тислерин ғышырлатар.
13Бирақ Ийе напәклер үстинен күлер,
Олардың күни питкенин билер.
14Бийшара ҳәм жарлыны қулатып,
Туўры жолда жүргенлерди өлтириў ушын,
Напәклер қылышын жалаңашлап, керди садақларын.
15Бирақ қылышлары өзлериниң жүрегине суғылар,
Садақлары да сынып кетер.
16Ҳақ адамның аз заты,
Напәктиң байлығынан гөре абзалдур.
17Напәктиң күши қырқылар,
Ҳақ адамды болса, Жаратқан Ийе қоллап қуўатлар.
18Минсизлердиң ҳәр күни Жаратқан Ийеге белгили,
Мәңги даўам етер олардың мийрасы.
19Уятқа қалмас олар жаман күнлерде,
Қарынлары тоқ болар ашлық ўақытта да.
20Бирақ напәклер сөзсиз қырылып қалар,
Жаратқан Ийениң душпанлары дала гүлиндей солып,
Түтин яңлы тарқалып, жоқ болар.
21Напәклер қарыз алар, қайтып бермес,
Ҳақ адам болса сақыйлық пенен берер.
22Жаратқан Ийе жарылқаған адамлар елге ийелик қылар,
Ал Ол ғарғаған адамлар жоқ болып кетер.
23Адамның жүрген жолына,
Жаратқан Ийениң кеўли толса,
Оның қәдемлерин беккемлер.
24Ол сүрниксе де, жығылмас,
Жаратқан Ийе қолынан услап қалар.
25Мен жас едим, енди қартайдым,
Ҳақ адамның таслап кетилгенин,
Оның урпағының нан сорағанын көрмедим.
26Ол ҳәмме ўақытта сақыйлық пенен қарыз берер,
Урпағы да жарылқаў алып келер.
27Жаманлықтан қашып, жақсылық қыл,
Сонда елиңде мәңги жасарсаң.
28Жаратқан Ийе ҳақлықты сүйер,
Ол садық қулларын тәрк етпес.
Оларды мәңги қорғар,
Напәклердиң урпағы жоқ болар.
29Ҳақ адамлар елди мүлик етип алар,
Сол елде мәңги жасап қалар.
30Ҳақтың аўзынан даналық шығар,
Оның тили әдалатты сөйлер.
31Қудайының нызамы жүрегиндедур,
Соның ушын, қәдеминде адаспас.
32Напәк адам ҳақ адамды аңлып жүрер,
Оны өлтириўдиң жолын излер.
33Жаратқан Ийе ҳақ адамды напәклердиң қолына тапсырмас,
Ҳүким етилгенде, оны айыплы қылмас.
34Жаратқан Ийеге үмит байла, Оның жолынан жүр,
Ол сени мәртебели қылып, бул елди мүлик қылып берер.
Напәктиң қырылып кеткенин көрерсең.
35Көрдим напәк ҳәм жаўыз адамның,
Өз топырағында жасыл теректей өсип-өнгенин.
36Бирақ узақ турмай, ол өтип кетти, жоқ болды,
Қанша излесем де, таба алмадым оны.
37Минсизге итибар бер, ҳақ адамға қара,
Тынышлықты сүйетуғынлардың келешеги бар.
38Гүнакарлардың ҳәммеси қырылып кетер,
Напәктиң келешеги жоқ болар.
39Ҳақлардың қутқарылыўы Жаратқан Ийеден,
Апат күнинде оларға болар қорған.
40Жаратқан Ийеден пана тапқаны ушын,
Жаратқан Ийе оларды қоллап қуўатлап, қутқарар,
Напәклердиң қолынан аман сақлап, азат қылар.
Copyright information for
KaaIBT22C