Psalms 38
1Атқарыўшылардың жетекшиси Едутунға ▼. Даўыттың жыры2Мен өзиме былай дедим:
«Атқан адымыма дыққат қылайын,
Тилимди гүнадан тыйып жүрейин,
Алдымда напәклер турса да,
Аўзыма қум қуйып қояйын».
3Тилимди тыйып, үнсизлик сақладым,
Ҳәтте, жақсы нәрсени айтыўдан бас тарттым.
Артып кетти мениң дәртим.
4Жүрегим оттай болып, лаўлап кетти,
Ойлаған сайын, кеўлим өртенди,
Мына сөзлер тилимнен төгилди:
5«Билдире гөр ақыбетимди, Жаратқан Ийе,
Билдир қанша күнлерим қалғанын,
Билейин өмиримниң қаншелли қысқа екенин!
6Қысқа өмир бергенсең маған,
Сениң нәзериңде ҳеш нәрседур өмирим,
Бир демдур ҳәр бир адамның өмири. Селаҳ
7Ҳәр бир адамның өмири саядай өтип кетер,
Адамзаттың ҳәрекети бийҳуда болар,
Мал-дүнья жыйнар,
Бирақ оның кимге қалатуғынын билмес.
8Мен енди не күтиўим мүмкин, Ийе?
Барлық үмитим Сеннен.
9Азат қыла гөр барлық жынаятларымнан,
Ақмақлардың үстимнен күлиўине жол қойма.
10Үнсизлик сақлайман, ашпайман аўзымды,
Себеби Сен иследиң буны.
11Жудырығыңды узақластыр меннен,
Сен берген соққылардан тамам болдым.
12Гүналары ушын адамзатты,
Жазалап, жолға саласаң.
Күйе жегендей, әзиз нәрселерин жоқ қыласаң,
Сөзсиз, адамзат бир демде өтип кетеди. Селаҳ
13Дуўамды есит, Жаратқан Ийе,
Қулақ сал жалбарыныўыма,
Көз жасларыма бийпәрўа болма!
Мен бир қонақпан алдыңда Сениң,
Ата-бабаларым сыяқлы келгиндимен.
14Қәҳәрли нәзериңди узақластыр меннен,
Бул дүньядан өтип кетпесимнен бурын шадланайын!»
Copyright information for
KaaIBT22C