‏ Psalms 39

1Атқарыўшылардың жетекшисине. Даўыттың жыры
2Сабыр етип күттим Жаратқан Ийени,
Ол маған бурылып, жалбарыныўымды еситти.
3Мени өлим шуқырынан,
Батпақлықтан шығарып алды.
Аяқларымды тастың үстине бастырды,
Қәдемлеримди беккемледи.
4Аўзыма жаңа бир қосық,
Қудайымызға арналған алғыс салды.
Көплер буны көрип, қорқар,
Жаратқан Ийеге үмит байлар.

5Қандай бахытлы Жаратқан Ийеге үмит байлаған,
Менмен ҳәм өтирикшилерге сүйенбейтуғын.
6Жаратқан Ийе, Қудайым,
Бизлер ушын әжайып ислериң ҳәм нийетлериң көпдур,
Ҳеш бир зат Саған тең келе алмас,
Буларды тилге алып, сөйлей басласам,
Көплигинен санап таўыса алмаспан.

7Сен қурбанлық ҳәм садақаларды қәлемедиң,
Жандырылатуғын ҳәм гүна қурбанлықларын талап қылмадың,
Бирақ бойсыныўым ушын қулақларымды аштың.
8Сонда мен былай дедим: «Мине, мен келдим,
Орама китапта мен ҳаққында жазылған.
9Сениң еркиңди орынлаўдан рәҳәтленемен, Қудайым,
Жүрегимниң төриндедур Сениң нызамың».

10Уллы жәмийетиңде әдиллигиңди жәрия қылдым,
Жаратқан Ийе, Өзиң билесең,
Тилимди ҳеш тыймадым.
11Әдиллигиңди ишимде сақламадым,
Исенимли екениңди ҳәм қутқарғаныңды жәрияладым,
Мийрим-шәпәәтиңди, садықлығыңды,
Уллы жәмийеттиң алдында сыр тутпадым.

12Жаратқан Ийе, реҳимиңди аяма меннен,
Сүйиспеншилигиң ҳәм садықлығың мени мәңги қорғасын.
13Сансыз апатлар орап алды әтирапымды,
Гүналарым басыма жетти, көзим көрмейди,
Булар шашымнан көпдур,
Енди жүрексиз болып қалдым.

14Жаратқан Ийе, маған мийримиң түссин, қутқар мени!
Жаратқан Ийе, маған жәрдем бериўге асық!
15Жанымды алыўға умтылғанлардың ҳәммеси,
Шерменде болып, уятқа қалсын!
Маған зыян тийгизиўди қәлегенлер,
Масқара болып, кейнине қайтсын!
16«Ҳай-ҳай!» деп мени масқаралағанлар,
Шерменде болып, сасқалақлап қалсын.

17Сени излегенлердиң ҳәммеси,
Сенде шадлық ҳәм қуўанышқа толсын.
Сениң қутқарыўыңды сүйгенлер:
«Жаратқан Ийе уллыдур!» – деп бәрқулла айтып жүрсин!

18Мен бийшара ҳәм ғәриппен,
Бирақ ғамхорлық қылар маған Ийем.
Жәрдемшим ҳәм қутқарыўшым Өзиңсең,
Кешикпе, Қудайым!
Copyright information for KaaIBT22C