‏ Psalms 4

1Атқарыўшылардың жетекшисине. Тарлы саз әсбаплар менен айтылатуғын Даўыттың жыры
2Мениң ҳуқықымды қорғаўшы Қудай!
Жалбарынғанымда жуўап бер маған!
Қыйыншылықта қалғанымда, мени азат қылдың,
Реҳим етип маған, қулақ сал дуўама.

3Ҳәй, инсанлар, қашанға дейин атыма дақ түсиресиз?
Қашанға дейин бийҳуда нәрселерге кеўил берип,
Қашанға дейин жалғанның изинен жүресиз? Селаҳ
4Билиңлер, Жаратқан Ийе Өзине садық адамды таңлар,
Жалбарынсам, Ол мени еситер.

5Ғәзепленип, гүна ислемең,
Төсекте жатқаныңызда, ойланың ҳәм тынышланың. Селаҳ
6Жаратқан Ийеге мақул болған қурбанлықлар усынып,
Оған үмит байлаң.

7«Ким бизлерге жақсылық қылады?» – деп айтатуғынлар көп,
Жаратқан Ийе, жүзиңниң нурын үстимизге төк!
8Қуўанар дән ҳәм шарабы мол болғанлар,
Сен жүрегиме оннан да көп шадлық бердиң.
9Жатқанымда, тыныш уйықлайман,
Жалғыз Сен, Жаратқан Ийе,
Аманлық ишинде сақлайсаң мени.
Copyright information for KaaIBT22C