‏ Psalms 41

1Атқарыўшылардың жетекшисине. Қорах әўладының нәсият жыры
2Суўын ағын суўды қалай аңсаса,
Қудай, мениң жаным да Сени солай аңсайды!
3Жаным Қудайға, тири Қудайға шөллейди,
Қашан бараман Қудайдың жүзин көриўге?
4Ҳәр күни: «Қудайың қай жерде?» – дегени ушын,
Көз жасларым азығым болды күни-түни.

5Жүрер едим аламан арасында,
Барар едим Қудайдың Үйине.
Байрамды белгилер едик көпшилик пенен,
Қуўаныш ҳәм алғыс жаңғырығы менен.
Усылар түссе ядыма, сырқырайды жүрегим.

6Не ушын түскинликке түсесең, ҳәй жаным?
Не ушын тынышсызланасаң?
Қудайға үмит байла,
Мен Оған және алғыс айтаман,
Қутқарыўшым ҳәм Қудайыма.

7Түскинликке түсип кеткенмен,
Соның ушын, Қудайым, Сени Иордан бойында,
Хермон ҳәм Мисар таўларында еслеймен.
8Гүркиреген теңизлердей,
Гүўилдеген булақлардай,
Сениң жиберген қүдиретли толқынларың,
Басып өтти үстимнен мениң.

9Күндиз Жаратқан Ийе көрсетер сүйиспеншилигин,
Түнде Оған арнап қосық айтаман.
Өмирим болған Қудайға дуўа етемен.

10Қорғаўшы жартасым болған Қудайға былай деймен:
«Не ушын мени умыттың?
Душпанларымның зулымынан,
Не ушын қайғы-ғам шегип жүриўим керек?»
11Күни бойы душпанларым: «Қай жерде Қудайың?» деп,
Мени кемситкенде, сырқырайды сүйеклерим.

12Не ушын түскинликке түсесең, ҳәй жаным?
Не ушын тынышсызланасаң?
Қудайға үмит байла,
Мен Оған және алғыс айтаман,
Қутқарыўшым ҳәм Қудайыма.
Copyright information for KaaIBT22C