‏ Psalms 42

1Қудай, Сен мени ақла!
Опасыз халыққа қарсы даўымда мени жақла.
Өтирикши ҳәм әдилсиз адамлардан қутқар.
2Мениң қорғаным – Қудай Сенсең,
Неге мени таслап кеттиң?
Душпанларымның зулымынан,
Не ушын қайғы-ғам шегип жүриўим керек?

3Нурыңды ҳәм ҳақыйқатыңды жибер,
Олар жол көрсетсин маған,
Алып барсын мени Сениң мухаддес таўыңа, мәканыңа.
4Бараман мен Қудайдың қурбанлық орнына,
Қуўанышым ҳәм шадлығым болған Қудайыма.
Лира шертип алғыслайман Сени, Қудай, Қудайым!

5Не ушын түскинликке түсесең, ҳәй жаным?
Не ушын тынышсызланасаң?
Қудайға үмит байла,
Мен Оған және алғыс айтаман,
Қутқарыўшым ҳәм Қудайыма.
Copyright information for KaaIBT22C