Psalms 43
1Атқарыўшылардың жетекшисине. Қорах әўладының нәсият жыры2Қудай, қулақларымыз бенен еситтик,
Әййемги заманда, ата-бабаларымыздың дәўиринде,
Айтып берди олар ислеген ислериң ҳаққында.
3Өз қолың менен қуўып шығып басқа миллетлерди,
Ата-бабаларымызға жер бердиң,
Сол халықларды қырып тасладың.
4Шынында, олар жерди қылыш пенен алмады,
Өз қоллары менен жеңиске ериспеди,
Ал Сениң оң қолың, қүдиретиң,
Жүзиңниң нуры менен жеңиске еристи.
Олардан Сениң кеўлиң толған еди.
5Қудай, Сен патшамсаң,
Буйыр, Яқыптың урпағы жеңсин!
6Сениң саяңда душпанымызды сүзип шығарамыз,
Бизге қарсы болғанларды атың менен басқылап таслаймыз.
7Мен өз садағыма исенбеспен,
Қылышым да жеңис алып келмес маған.
8Душпанларымыздан қутқарған Сенсең,
Бизлерди жек көретуғынларды шерменде қылдың.
9Күни бойы Қудайымыз бенен мақтанамыз,
Мәңги алғыслаймыз Сениң атыңды. Селаҳ
10Бирақ Сен бизлерди таслап кетип, шерменде қылдың,
Әскерлеримиз бенен саўашқа шықпай қойдың.
11Душпанларымыздың алдында шегиндирдиң,
Жек көретуғынлар бизлерди арқайын тонап кетти.
12Бизлерди сойылатуғын қойдай қылдың,
Миллетлер арасына дағытып жибердиң.
13Халқыңды арзан баҳаға саттың,
Олардың баҳасын жоқарылатпадың.
14Қоңсы халықларға бизлерди шерменде қылдың,
Дөгерегимиздегилерге масқара ҳәм күлки қылдың.
15Миллетлерге әпсана еттиң,
Халықлар бизге басын шайқар.
16Күни бойы масқарашылық мениң алдымда,
Шерменделик жүзимди қаплаған.
17Еситетуғынымыз масқара сөз, көретуғынымыз хорлық,
Көз алдымызда өш алыўшы душпанлар.
18Булардың барлығы басымызға түсти,
Бирақ бизлер Сени умытпадық,
Келисимиңди бузбадық.
19Жүрегимиз Сеннен жүз бурмады,
Сениң жолларыңнан шетке шықпадық.
20Бизлерди сағаллар мәканында езип тасладың,
Үстимизге тас түнек қараңғылықты жаўдың.
21Егер бизлер Қудайымыздың атын умытқанымызда,
Басқа қудайларға қолларымызды жайғанымызда,
22Онда Қудай буны билмес пе еди?
Ол жүректеги сырларды биледи.
23Сен себепли күни бойы бизлерди өлтиреди,
Шалынатуғын қой деп, бизлерди есаплайды.
24Тур, Ийе! Неге уйықлап атырсаң?
Оян, мәңгиге бизлерди таслап кетпе!
25Не ушын жүзиңди жасырып атырсаң?
Қайғы ҳәм азапларымызды не ушын умытасаң?
26Бизлер топырақта жатырмыз,
Денемиз жерге жабысып қалды.
27Тур, жәрдем бер бизлерге,
Сүйиспеншилигиң ҳақы қутқар бизлерди!
Copyright information for
KaaIBT22C