Psalms 44
1Атқарыўшылардың жетекшисине. «Лала гүл» намасына айтылады. Қорах әўладының нәсият жыры. Муҳаббат қосығы2Жүрегимнен гөззал сөзлер төгилди,
Патшаға арнайман қосығымды,
Тилим шебер жазыўшының қәлеминдей болсын.
3Адам уллары арасындағы ең сулыўысаң,
Мийрим төгилер тилиңнен.
Аўа, Қудай сени мәңги жарылқаған.
4Ҳәй батыр, даңқың ҳәм салтанатың менен,
Белиңе қылышыңды байла.
5Уллылығың менен атланып, алға бас,
Ҳақыйқат, кишипейиллик ҳәм әдалат ушын жеңиске ерис!
Оң қолың таң қаларлық ислер көрсетсин.
6Патшаның душпанларының жүрегин,
Өткир оқларың тесип өтер.
Халықлар аяқларыңның астына жығылар.
7Қудай, тахтың мәңги-бақый турар,
Сениң патшалық ҳасаң – әдалат ҳасасыдур.
8Сен әдилликти сүйип, жаўызлықты жек көресең,
Соның ушын, Қудай, сениң Қудайың,
Досларыңнан гөре көбирек сени,
Қуўаныш майы менен майлады.
9Барлық кийимиңнен мирра, алоэ ҳәм кассияның хош ийислери шығады,
Пил сүйегинен безелген сарайларда тарлы әсбаплардың ҳаўазы,
Сениң кеўлиңди көтереди!
10Патша қызлары иззетли ҳаялларың арасында,
Офир алтынлары менен безелген ханбийке турар оң жағыңда.
11Тыңла, ҳәй қыз, қара, қулақ сал,
Халқыңды ҳәм әкеңниң үйин умыт.
12Патша сениң гөззаллығыңа ҳәўес,
Хожайының болғаны ушын, алдында тәжим қыл.
13Қыз Тир саўғалар алып келер,
Халықтың бай адамлары мийримиңе ерисиўди қәлер.
14Сарайға кирип киятырған сол қыз қандай гөззал,
Кийимлери безелген алтын сабақ пенен.
15Нағыслы кийимде оны алып келер патша алдына,
Оның артынан қызлар, оның дослары ерип келер.
16Олар қуўаныш ҳәм шадлық пенен алып келинер,
Патшаның сарайына кирип келер.
17Бабаларыңның орнын улларың алсын,
Оларды ҳәким етип қоярсаң пүткил үлкеге.
18Атыңды әўладтан-әўладқа умытылмас қыламан,
Солай етип, халықлар сени мәңги алғыслайды.
Copyright information for
KaaIBT22C