‏ Psalms 45

1Атқарыўшылардың жетекшисине. Қорах әўладының қосығы. Жоқарғы даўыста айтылады
2Қудай бизлердиң панамыз ҳәм күшимиз,
Апатта қалғанымызда, исенимли жәрдемшимиз.
3Соның ушын, қорқпаймыз жер қыймылдаса да,
Таўлар теңизлердиң түбине қуласа да.
4Олардың суўлары гүркиреп, жоқары көтерилсе де,
Күшли толқынлар таўларды титиретсе де. Селаҳ

5Бир дәрья бар, суўлары қуўаныш алып келер Қудайдың қаласына,
Қудай Тааланың мухаддес мәканына.
6Қалада Қудай болғаны ушын,
Қала ҳеш қашан қуламастан турар.
Таң атыўдан, Қудай оған жәрдем берер.
7Миллетлер шуўласып, патшалықлар қулар,
Қудайдың даўысы гүркиреп, жер жүзи ерип кетер.

8Әлемниң Жаратқан Ийеси бизлер менен биргедур,
Яқыптың Қудайы қорғанымыздур. Селаҳ

9Келиң, көриң Жаратқан Ийениң ислерин,
Жер жүзине алып келген апатын.
10Ол жер жүзиндеги саўашларды тоқтатар,
Садақларды сындырып, найзаларды бөлеклеп,
Қалқанларды отқа жағып, былай дер:
11«Тоқтаң ҳәм билиң, Мен Қудайман!
Мен уллыланаман халықлар арасында,
Уллыланаман жер жүзинде!»

12Әлемниң Жаратқан Ийеси бизлер менен биргедур,
Яқыптың Қудайы қорғанымыздур. Селаҳ
Copyright information for KaaIBT22C