‏ Psalms 46

1Атқарыўшылардың жетекшисине. Қорах әўладының жыры
2Ҳәй, барлық халықлар, шаппатлаң!
Шадлық даўыслары менен Қудайды алғыслаң.
3Қудай Таала, Жаратқан Ийе қандай айбатлы!
Пүткил дүньяның уллы патшасы.

4Ол бизлерге бойсындырды халықларды,
Аяғымыздың астына таслады миллетлерди.
5Өзи сүйген Яқыптың мақтаўлы мүлкин,
Ол таңлап, бизлерге мүлик қылып берди. Селаҳ

6Қудай шадлық даўыслары,
Жаратқан Ийе кәрнай сеслери менен жоқары шықты.
7Саз шертип алғыслаң Қудайды, саз шертип алғыслаң,
Саз шертип алғыслаң Патшамызды, саз шертип алғыслаң.
8Қудай пүткил дүньяның патшасыдур,
Саз шертип, нәсият жыр айтың!

9Қудай мухаддес тахтына отырып,
Барлық миллетлердиң патшасы болар.
10Халықлардың ҳүкимдарлары,
Ибрайымның Қудайының халқы менен бир жерге жыйналар,
Қудайға тийисли жер жүзиниң патшалары,
Ол жүдә уллыдур.
Copyright information for KaaIBT22C