‏ Psalms 47

1Қосық. Қорах әўладының жыры
2Жаратқан Ийе уллыдур!
Қудайымыздың қаласында, мухаддес таўында,
Ол аса мақтаўға ылайықлыдур.
3Бийик ҳәм гөззалдур,
Пүткил жер жүзиниң қуўанышы Сион таўы,
Мухаддес таў – уллы Патшаның қаласы.
4Қудай оның бекиниси ишинде,
Оның беккем қорғаны болып Өзин танытты.

5Мине, патшалар жыйналып,
Биргеликте Сион таўына жүрис қылды.
6Бирақ қаланы көрип, албырап қалды,
Қорқынышқа түсип, қашып кетти.
7Толғақ тутқан ҳаялдай,
Сол жерде оларды титиреў басты.
8Үлкен саўда кемелерин қыйратқан шығыс самалы сыяқлы,
Жоқ еттиң оларды.
9Әлемниң Жаратқан Ийесиниң қаласында,
Қудайымыздың қаласында,
Нени еситкен болсақ, соны көрдик.
Қудай оның қәўипсизлигин мәңги беккемлейди. Селаҳ

10Қудай, Сениң Ибадатханаңда,
Сүйиспеншилигиң ҳаққында ойлаймыз.
11Атың сыяқлы, Қудай, Саған арналған алғыс-мақтаў да,
Дүньяның төрт тәрепине жайылғандур.
Оң қолың әдилликке толыдур.
12Сениң ҳүкимиңнен қуўансын Сион таўы,
Шадлансын Яҳуда қалалары!

13Сионның дөгерегин айланып жүриң,
Оның минараларын санап шығың.
14Келешектеги әўладыңызға айтып бериў ушын,
Дийўалларына дыққатыңызды қаратың,
Қорғанларына қараң.
15Бул Қудай мәңги-бақый бизлердиң Қудайымыз болады,
Бизлерди өмиримиздиң ақырына дейин жетелейди.
Copyright information for KaaIBT22C