‏ Psalms 48

1Атқарыўшылардың жетекшисине. Қорах әўладының жыры
2Тыңлаң, ҳәй, барлық халықлар!
Қулақ салың ҳәммеңиз, жер жүзинде жасайтуғынлар,
3Әпиўайы ҳәм ақсүйеклер, бай ҳәм жарлылар!
4Аўзымнан шығар даналық сөзлер,
Кеўлимдеги пикирим түсиник берер.
5Қулақ түремен ҳикметли сөзлерге,
Лира менен мәнисин ашып беремен.

6Не ушын қорқаман апат күнлерде,
Нийети бузық душпанларым мени қоршап алғанда?
7Олар өз мал-дүньясына исенер,
Есапсыз байлықлары менен мақтанар.
8Ҳеш ким биреўдиң өмириниң төлемин өтей алмас,
Ол ушын Қудайға қун төлей алмас.
9Адам өмириниң төлеми қымбат,
Ҳеш ким ҳеш қашан өтей алмас.
10Олай болмағанда, мәңги жасар еди адамзат,
Көрмес еди қәбир жүзин.

11Ҳәмме билер даналардың да өлетуғынын,
Ақмақ ҳәм биймәни адамлардың жоқ болатуғынын.
Олардың байлығын басқалар ийелер.
12Жерлерине өз атларын қойса да,
Қәбирлери мәңги үйи болып,
Әўладтан-әўладқа мәканы болар.
13Абырайлы инсан да мәңги турмас,
Өлип кететуғын ҳайўанға мегзер.
14Өзине исенгенлердиң ақыбети,
Олардың сөзин мақуллағанлардың тәғдири мынадай болар: Селаҳ
15Сүриў сыяқлы өлилер мәканына айдалар,
Өлим олардың шопаны болар.
Таңда ҳақ адамлар оларға ҳүкимдарлық қылар,
Денелери ширип кетер,
Өлилер мәканы олардың үйи болар.
16Бирақ Қудай мени өлилер мәканының қолынан қутқарар,
Ол мени Өз дәргайына алар. Селаҳ

17Қорқпа, егер бир адам байып кетсе,
Үйиниң мал-дүньясы артып кетсе.
18Ол өлгенде, өзи менен ҳеш нәрсе алып кете алмас,
Байлығы да оның изинен қәбирге ерип кетпес.
19Тири ўақтында, ол өзин бахытлы санаса да,
Табыслы болғаны ушын көплерден мақтаў алса да,
20Ол да ата-бабалары жатқан жерге кетип,
Жақтылықты артық көрмес.
21Абырайлы болса да, ақылсыз болғанлар,
Өлип кететуғын ҳайўанларға мегзер.
Copyright information for KaaIBT22C