‏ Psalms 49

1Асафтың жыры
Қүдиретли болған Қудай, Жаратқан Ийе сөйлер,
Күншығыстан, батысқа дейин,
Пүткил жер жүзин шақырар.
2Гөззаллықта минсиз Сионнан,
Қудай жарқырап келер.

3Қудайымыз келер, үнсиз болмас,
Алдындағы жанып турған от ҳәммесин жалмайды,
Дөгерегинде күшли даўыл есер.
4Халқын ҳүким қылыў ушын,
Жер ҳәм аспанды гүўа қылып шақырар:
5«Жыйнаң алдыма садық қулларымды,
Қурбанлық шалып, Мениң менен келисим дүзгенлерди».
6Көклер Оның әдиллигин жәриялар,
Ҳүким шығарыўшы Қудайдың Өзидур. Селаҳ

7«Ҳәй, халқым, тыңлаң, Мен сөйлеймен,
Ҳәй, Израил, саған қарсы гүўалық берейин:
Мен Қудайман, сениң Қудайыңман!
8Қурбанлықларың ушын,
Ҳәм күнделикли жандырылатуғын қурбанлықларың ушын,
Даўа қылып атырған жоқпан.
9Қораңдағы буғаға да,
Сүриўиңдеги текеге де зар емеспен.
10Меники тоғайдағы барлық жаныўарлар,
Мың-мыңлаған таўлардағы ҳайўанлар.
11Таўлардағы барлық қусларды билемен,
Далалардағы ҳәр бир жабайы ҳайўан Меники.
12Аш болсам, сорамаспан сеннен,
Пүткил дүнья ҳәм оны толтырып турғанлар Меники.
13Мен буғаның гөшин жейтуғын ба едим?
Текениң қанын ишетуғын ба едим?
14Маған, Қудайға шүкирлик қурбанлығын усын,
Қудай Таала алдында ишкен антыңды орынла.
15Азап-қайғы күниңде шақыр Мени,
Сени қутқараман, сен де Мени даңққа бөлейсең».

16Бирақ Қудай напәк адамға былай дейди:
«Не ҳақың бар қағыйдаларым ҳаққында сөйлеўге?
Не ҳақың бар келисимимди аўзыңа алыўға?
17Өзиңе берген тәрбиямды жек көресең,
Сөзлеримнен жүз бурасаң.
18Урыны көргениңде, оған қосыласаң,
Бузықлық қылып атырғанлар менен шерик боласаң.
19Аўзыңды жаўызлыққа кең ашасаң,
Тилиң менен жалған сөзлер тоқыйсаң.
20Отырып, туўысқаныңа қарсы сөйлейсең,
Туўған-туўысқаныңа да жала жаўасаң.
21Сен усыларды иследиң, Мен үндемедим,
Мени де өзиңдей деп ойладың.
Енди сени әшкаралап, айыбыңды көз алдыңа қояман.

22Дыққат салың, ҳәй, Қудайды умытқанлар!
Болмаса, сизлерди тилкимлеп таслайман,
Қутқаратуғын ҳеш ким болмайды сизлерди.
23Маған шүкир қурбанлығын усынғанлар,
Мени ҳүрмет қылған болады.
Ким өз жолын туўрылап жүрсе,
Соған Өз қутқарыўымды көрсетемен».
Copyright information for KaaIBT22C