‏ Psalms 5

1Атқарыўшылардың жетекшисине. Най сазында атқарылатуғын Даўыттың жыры
2Сөзлериме қулақ сал, Жаратқан Ийе,
Шеккен налаларыма дыққат аўдар.
3Есите гөр, жәрдем сорап дад саламан,
Патшам ҳәм Қудайым, Саған дуўа етемен.
4Таңда даўысымды еситесең, Жаратқан Ийе,
Ҳәр ерте таңда усынаман дуўамды,
Сеннен күтемен жуўапты.

5Сен жаманлықты хош көрмейтуғын Қудайсаң,
Жаўызлық Сениң жаныңда тура алмас.
6Тәкаббирлер көз алдыңда тура алмас,
Барлық напәклик қылғанларды жек көресең Сен.
7Жалған сөйлейтуғынларды жоқ қыласаң,
Жаратқан Ийе, қанхор ҳәм мәккарлардан жеркенесең.

8Мен мол сүйиспеншилигиңниң саясында,
Сениң Үйиңе, мухаддес Ибадатханаңа киремен,
Қорқыў менен Саған тәжим қылып, сыйынаман.
9Жаратқан Ийе, Сен әдалатлысаң,
Душпанларыма бола, мени жетеле,
Алдымда Өз жолыңды тегисле.

10Шынлық жоқ душпанларымның сөзлеринде,
Олардың жүреклери бәле-қадаға толы,
Аўызлары ашық бир қәбир сыяқлы,
Майлы тиллери менен жалған сөйлейди.
11Қудай, оларды ҳүким етип, жазала!
Дүзген жобалары апат келтирсин өзлерине,
Олар Саған қарсы бас көтерер,
Гүналары көп болғаны ушын, оларды қуўып жибер.

12Қуўансын Сеннен пана тапқанлар,
Олар мәңги шадланып бақырсын.
Атыңды сүйгенлер Сенде йошыў ушын,
Оларды Өзиң қорғай гөр!
13Жаратқан Ийе, Сен ҳақ адамларды жарылқайсаң,
Реҳимиң менен оларды қалқандай қорғайсаң.
Copyright information for KaaIBT22C